Денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў бойынша комплексли илажлар таныстырылды

Президент Шавкат Мирзиёев денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў, халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усыныслардың презентациясы менен танысты.
Презентацияда, бәринен бурын, өткир жүрек-қан тамыр ҳәм цереброваскуляр кеселликлердиң алдын алыў ҳәм емлеўди жетилистириў бойынша ислеп шығылған илажлар додаланды.
Режеге бола, “Stent for Life” ҳәм “Action Plan for Stroke” халықаралық бағдарламалары тийкарында ислеп шығылған “Инфаркт ҳәм инсультқа қарсы гүресиў” миллий бағдарламасы 2026-жыл 1-майдан баслап Самарқанд ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында, 1-октябрьден Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында, 2027-жылдан болса басқа аймақларда әмелиятқа енгизиледи.
Миллий бағдарлама шеңберинде 30 жастан асқан халық арасында сораўнама өткериў ҳәм нәтийжесине бола анықланған қәўип топарына тийисли пуқараларды мақсетли медициналық тексериўлерден өткериў және наўқасларға қыстаўлы медициналық хызмет көрсетиў алгоритмлерин ҳәм клиникалық маршрутларын әмелиятқа енгизиў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, бул кеселликлерде қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўде халықаралық стандартларға муўапық “алтын саат” принципиниң ўақыт нормалары енгизиледи.
Презентацияда тез медициналық жәрдем хызметиниң материаллық-техникалық ҳәм санлы имканиятларын кескин арттырыўға қаратылған илажлар да келтирилген. Бригадалар телеметрлик электрокардиограф ҳәм мониторлы дефибрилляторлар менен тәмийинленеди. Соның ишинде, ЭКГ нәтийжелерин жасалма интеллект жәрдеминде таллаў ҳәм мәлимлеме системасы арқалы жибериў, сондай-ақ, тез медициналық жәрдем бригадалары ҳәм емлеўханалар арасында реал ўақыт режиминде мағлыўмат алмасыў енгизиледи.
Стационар медицина мәкемелеринде инсультты жасалма интеллект тийкарында диагнозлаў имканияты жаратылып, наўқаслардың ҳәрекетлениў маршруты санластырылады. Емлеўханалар болса қыстаўлы жағдайларда хирургиялық әмелиятларды өткериў ушын тромб еритиўши дәри қураллары ҳәм зәрүр жумсаў материаллары менен тәмийинленеди.

Қыстаўлы стационар медициналық хызмет көрсетиўге мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерин тартыў, өткир жүрек-қан тамыр ҳәм бас мийде қан айланыўының өткир бузылыўы жағдайларында көрсетилген медициналық хызметлер Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы қаржыландырылады.
Миллий бағдарлама шеңберинде “Электрон денсаўлықты сақлаў” мәлимлеме системасында наўқаслар ҳәм қәўип топарындағы халықтың электрон реестри жүргизилиўи тәмийинленеди.
Халық арасында профилактика ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларына да айрықша итибар қаратылды. ҒХҚ ҳәм социаллық тармақларда социаллық роликлер, инфографика, анимация ҳәм қысқа метражлы видеороликлер тарқатыў, базар ҳәм саўда орайлары жанында билборд ҳәм баннерлер орнатыў, билимлендириў мәкемелери, кәрхана ҳәм мәҳәллелерде инфаркт ҳәм инсульт белгилерин ерте анықлаў бойынша семинар-тренинглер өткериў режелестирилген.
Сондай-ақ, “Angels Initiative” халықаралық басламасының “FAST Heroes” бағдарламасы тийкарында мектеп оқыўшылары ушын арнаўлы шынығыўлар шөлкемлестириледи. Ҳәр жылы 29-сентябрь – Дүнья жүзилик жүрек күни ҳәм 29-октябрь – Дүнья жүзилик инсультқа қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен бийпул қан басымы, қант ҳәм холестерин көрсеткишлерин өлшеў, халықтың қыстаўлы жәрдем көрсетиў бойынша саўатлылығын арттырыўға қаратылған ғалабалық илажлар өткериледи.
Бағдарламаны қаржыландырыўға 2026-жылы 239 миллиард сум, 2027-жылдан баслап 280 миллиард сум ажыратылатуғыны атап өтилди.
Презентацияда, сондай-ақ, 2026-2030-жылларда қан менен ислесиў хызметин буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Қан өнимлерине талап артып баратырғанын есапқа алып, хызмет имканиятларын кеңейтиў ҳәм емлеў мәкемелериниң қан ҳәм қан өнимлерине болған талабын толық тәмийинлеўге қаратылған мақсетли илажлар ислеп шығылған.
Соның ишинде, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усыныслары тийкарында ҳәр мың халыққа қан тапсырыўлардың санын 10 нан 30 ға шекем арттырыў, жәми донорлардың санын 1 миллионға шекем көбейтиў арқалы таярланатуғын қан резервин 150 мың литрден 450 мың литрге жеткериў, бийғәрез қан донорларының санын 300 мыңнан 900 мыңға жеткериў мақсет етилген.

Жетекши халықаралық тәжирийбе тийкарында қан ҳәм оның қурамлық бөлеклериниң қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған стандарт операциялық процесслер, қәўипсизлик протоколлары ҳәм заманагөй скрининг усыллары енгизиледи. Соның менен бирге, қан хызмети системасы хызметкерлериниң кәсиплик билим ҳәм көнликпелери арттырылады, материаллық-техникалық базасы беккемленеди ҳәм бийғәрез донорлық ҳәрекети қоллап-қуўатланады.
Қан менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ушын “қажетлик – қайта ислеў – жеткерип бериў” шынжырында процесслерди басқарыў системасы енгизиледи.
Санлы платформа шеңберинде “Қан өнимлериниң электрон есабын жүргизиў” мәлимлеме системасы енгизилип, қан ҳәм оның қурамлық бөлеклериниң ҳәрекетин қадағалаў, қыстаўлы медициналық жәрдем менен интеграцияланған ҳалда буйыртпа бериў, мәкемелердиң резервин онлайн мониторинг етиў имканияты жаратылады.
Қан менен ислесиў хызметин қаржыландырыў ушын 2026-жылы 308 миллиард сум, 2026-2030-жыллары болса тараўды жетилистириўге жәми 1,75 триллион сум нәзерде тутылғаны атап өтилди.
Презентацияда республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий орайлар ҳәм клиникалардың жумысын үйрениў нәтийжелери ҳаққында мәлимлеме берилди.
Жумысшы топарлар 2025-жыл сентябрь-декабрь айларында 37 республика дәрежесиндеги медицина орайлары ҳәм клиникалардың жумысын комплексли үйренип, бир қатар шөлкемлестириў ҳәм басқарыў кемшиликлерин анықлаған. Оларды сапластырыў ушын 27 бәнттен ибарат илажлар режеси ислеп шығылған болып, ол медициналық хызметтиң сапасын арттырыў, аймақлар менен жумысты системалы жолға қойыў, басқарыў системасын жетилистириў, кадрлар потенциалы ҳәм илимий-изертлеў жумысы, финанслық тәртип ҳәм ресурслардан нәтийжели пайдаланыў бағдарларын қамтып алады.
Денсаўлықты сақлаў системасын реформалаўда сырт ел экспертлерин тартыў мәселеси де додаланды.
Жәмийетлик саламатлық, денсаўлықты сақлаўды режелестириў ҳәм миллий лаборатория системасын реформалаў бойынша техникалық шәртлер ислеп шығылған болып, бул илажларды әмелге асырыўда 25 халықаралық ҳәм 19 жергиликли экспертти тартыў усыныс етилди.
Сондай-ақ, Республикалық онкология орайы ҳәм оның аймақлық филиалларын модернизациялаў жойбары таныстырылды.
2021-жылы Ислам раўажланыў банки менен биргеликте “Өзбекстан Республикасы онкология мәкемелерин модернизациялаў (II басқыш) ” жойбары шеңберинде орайдың жаңа комплекси ҳәм оның 13 филиалы ушын жәми 61 миллион долларлық 119 түрдеги медициналық үскенелер сатып алынған. Және 5,6 миллион доллар есабынан қосымша 5 түрдеги үскенелер сатып алыныўы нәзерде тутылған.
Оған қосымша түрде тартылатуғын 10 миллион доллар есабынан орай ушын 80 түрдеги 1027 дана медициналық үскенелер, сондай-ақ, радиофармацевтикалық өнимлер ислеп шығарыўға мөлшерленген циклотрон ҳәм радиосинтез лабораториясын сатып алыў усыныс етилди.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысына фармацевтика тармағын раўажландырыў, халықты арзан ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Фармацевтика тармағы ҳәзирги ўақытта санаатымыздың жоқары пәтлерде өсип атырған бағдарларынан бирине айланбақта. Бүгинги күнде тармақта 2,3 миллиард долларлық 156 жойбар әмелге асырылмақта, 2025-жылы 362 миллион долларлық сырт ел инвестициялары өзлестирилди ҳәм 2,4 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Тармақ кәрханалары тәрепинен баҳасы 7,3 триллион сумлық өним ислеп шығарылды, дүньяның 55 мәмлекетине 220 миллион долларлық өнимлер экспорт етилди.
Дәри-дәрмақлардың сапасын тәмийинлеў ҳәм бюрократияны қысқартыў бойынша әмелге асырылған соңғы реформалар нәтийжесинде исбилерменлер тәрепинен биринши мәрте 130 түрдеги импорт дәри-дәрмақларды трансфер технологиясы тийкарында Өзбекстанда ислеп шығарыў бойынша жумыслар басланды.
Сондай-ақ, 2 мың атамадағы импорт дәри-дәрмақлардың референт баҳалары қайта белгиленгени есабынан дәри-дәрмақлардың көтере баҳалары 40-60 процентке төменлетилди.
Презентацияда импорттың орнын басатуғын жергиликли дәри-дәрмақлардың сапасын арттырыў ҳәм ғалабалығын тәмийинлеў, буның ушын инвесторларға зәрүр шараятлар жаратыў, өндирис ҳәм лаборатория қуўатлықларын арттырыў және ашық-айдын сапа қадағалаў системасын жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.
Президентимиз усынысларды мақуллап, тийисли қарарларға қол қойды. Жуўапкерлерге белгиленген илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў, додаланған бағдарларда анық нәтийжелерге ерисиў тапсырылды.
ӨзА