Спорт тараўындағы жумыслардың есап-санағы ҳәм тийкарғы ўазыйпалар додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев 20-январь күни спорт тараўында 2025-жылы әмелге асырылған жумыслар, ири жарыслардың нәтийжелери ҳәм 2026-жылға мөлшерленген ўазыйпалар бойынша презентация менен танысты.
Атап өтилгениндей, спортта бир пүтин система жаратылғаны өзиниң әмелий нәтийжелерин бере баслады.
Халықтың ғалабалық спорт пенен қамтып алыныўы 15 миллионға жетти, спорт пенен турақлы шуғылланыўшылардың саны соңғы жылларда дерлик 1,5 есеге артты.
Өткен жылы жасларымыз жәҳән универсиадасында 13-орын, Бахрейндеги Азия жаслар ойынлары ҳәм Саудия Арабстанындағы Ислам тилеклеслиги жарысында 2-орын, БАӘдеги Жаслар Параазия ойынларында 1-орынды ийеледи.
Футбол бойынша миллий сайланды командамыз биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди, быйыл шахматшымыз Жавоҳир Синдаров болса “Жәҳән тажы” ушын талабанлар турниринде қатнасады.
Соның менен бирге, бул нәтийжелер менен шекленип қалмаў, бар имканиятлар ҳәм жаратылған шараятлардан толық пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Айырым спорт түрлери бойынша нәтийжелер еле бар инфраструктура ҳәм потенциалға толық сәйкес келмей атырғаны көрсетип өтилди.

Бәринен бурын, ғалабалық спорт пенен шуғылланыўшылардың санын жақын келешекте 17 миллионға жеткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Халықаралық спорт ойынлары ҳәм Олимпиадалар ушын мүнәсип резерв жаратыў мақсетинде шөлкемлестирилген Президент олимпиадасы арқалы ашық-айдын селекция системасын жолға қойыўды даўам еттириў әҳмийетли екени көрсетип өтилди.
Биринши жарыста 103 мың спортшы қатнасты, финал басқышында 11 спорт түри бойынша 3 мыңнан аслам спортшы 135 алтын, 134 гүмис ҳәм 227 қола медаль ушын беллести.
Енди жарысларды жылына 2 мәрте өткериў ҳәм аймақларда 13-14 жас категориясында шөлкемлестириў, спорт түрлериниң санын басқышпа-басқыш 20 ға жеткериў тапсырылды.
Сондай-ақ, өткен жылы Олимпиада қалашасы ҳәм Миллий футбол орайының пайдаланыўға тапсырылғаны спорт тараўында әҳмийетли тарийхый ўақыя сыпатында атап өтилди. Ҳәзирги күнде Олимпиада қалашасына 17 олимпиада спорт федерациясы ҳәм басқа да спорт шөлкемлери көшип келген. Енди бул комплекслер өзбек спортының миллий тымсалы ҳәм бирден-бир кластерине айланыўы керек екенлиги атап өтилди.
Спорт тараўын буннан былай да раўажландырыўда илимий қатнасты күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Атап өтилгениндей, жоқары спорт нәтийжелерине ерисиў тек ғана инфраструктура ҳәм жарыслар емес, ал спорт илиминиң барлық бағдарларын системалы раўажландырыў менен тиккелей байланыслы.
Бул бағдарда спорт фармакологиясы, диетология, функционаллық ҳәм физикалық таярлық, реабилитация және жүклемелерди индивидуал режелестириў бойынша заманагөй қатнасларды әмелиятқа кеңнен енгизиў ўазыйпалары белгиленди. Илимий-изертлеў жумысларын жеделлестириў, спорт тараўындағы алдынғы қолланбалар ҳәм соңғы изертлеў нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў, сондай-ақ, миллий ҳәм халықаралық дәрежеде илимий әнжуманлар ҳәм конференциялар өткериў арқалы тәжирийбе алмасыўын күшейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Соның менен бирге, спорт тараўын раўажландырыўға жеке меншик сектор ҳәм инвесторларды кеңнен тартыў, спорт инфраструктурасы, таярлық орайлары ҳәм спорт хызметлери базарында инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў керек екенлиги айтылды.

Жасларды ғалабалық спортқа тартыўда спорт мектеплериниң мәҳәллелерге кирип барыўын тәмийинлеў, қәбилетли жасларды ерте анықлаў ҳәм оларды мақсетли таярлаў системасын беккемлеў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.
Усы жылдың январь айында Ташкент қаласында өткерилиўи режелестирилген халықаралық спорт илажлары ҳаққында мәлимлеме берилди.
Атап айтқанда, Пүткил жер жүзиў федерациясы Атқарыў бюросының мәжилиси, Орайлық Азия регионаллық антидопинг шөлкеми (RADOCA) мәжилиси ҳәм халықаралық форум, сондай-ақ, Азия олимпиада кеңесиниң 46-Бас ассамблеясына басшылық етиў режелестирилгени атап өтилди.
Азия Олимпиада кеңеси 1982-жылы шөлкемлестирилген болып, Азия континентинде олимпиада ҳәрекетин муўапықластырады ҳәм 45 мәмлекет миллий олимпиада комитети оған ағза есапланады. Бас ассамблея шеңберинде Азия олимпиада ҳәрекетиниң тийкарғы бағдарларын белгилеў ҳәм кеңес президенти лаўазымына сайлаў өткериў нәзерде тутылған.
Бул илажларда Халықаралық олимпиада комитети, Азия олимпиада кеңеси, WADA, халықаралық спорт федерацияларының басшылары ҳәм басқа да абырайлы спорт шөлкемлериниң ўәкиллери қатнасыўы, жәми 360 тан аслам сырт ел мийманларының келиўи күтилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы бул илажларды жоқары дәрежеде өткериўге пуқта таярлық көриў бойынша тапсырма берди.
Соңғы жылларда Өзбекстан гүрес спорт түрлери бойынша регионда да, жәҳән көлеминде де турақлы ҳәм күшли позицияны ийелемекте. Енди бул спортты және де ғалаба ен жайдырыў ушын Регионаллық спорт гүреслери академиясы шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.
Сондай-ақ, усы жылдан баслап Президент кубоги, “Өзбекстан батырлары” турнири, Бас прокурор кубоги, әскерий хызметкерлер арасында гүрес спорт жарыслары турақлы өткерип барылады. 2026-жылы аймақларда қурылып атырған мектеплерде миллий гүрес пенен бирге грек-рим, еркин гүрес ҳәм ҳаял-қызлар гүреси бойынша спортшыларды таярлаў басланады. Жылдың ақырына шекем ҳәр бир район ҳәм қалада кеминде биреўден мектепте гүрес спорты клублары ашылады.
Мәмлекетимиз басшысына усы жылы Италияда болып өтетуғын ХХV қысқы Олимпиада ойынларында Өзбекстан делегациясының қатнасыўы бойынша да мәлимлеме берилди.
Президентимиз белгиленген ўазыйпаларды толық ҳәм сапалы орынлаў, спортты ғалаба ен жайдырыў және халықаралық майданда турақлы нәтийжелерге ерисиўди тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
ӨзА