ХМШ: Глобаллық кризиске жуўап бериў ушын 2,5 миллиард доллар керек

13

Халықаралық миграция шөлкеми (ХМШ) усы жыл ушын Кризиске жуўап режеси – 32 тийкарғы мәмлекет ҳәм регионда әмелге асырылатуғын жойбарлар дизимин усынды.

БМШ мағлыўматына бола, глобаллық гуманитарлық мүтәжлик артып баратырған, ХМШ ресурслары шекленген бир шараятта жәрияланған бул ҳүжжет 22,7 миллион адам – мигрантлар, қашқынлар, ишки көширилгенлер ҳәм қабыл етиўши жәмийетшиликлерге жәрдем бериўди нәзерде тутады. Атап өтилиўинше, 2026-жыл ХМШ ең қыстаўлы зәрүрликке итибар қаратып, анық тийкарғылықты белгилеп алыўы керек. 2,5 миллиард долларлық финанслық талап алдынғы жылларға салыстырғанда аз болса да, бул талап азайғанын билдирмейди. Шекленген ресурс итималлы тәсир ең күшли мәнзиллерге – ең аўыр кризис, ең әззи халық ҳәм өмирди сақлап қалыў, жәмәәтлерди турақластырыў зәрүрлиги жоқары әмелиятларға бағдарланады.

Ҳәзирги қыйыншылық көлеми анық: Суданда тартыс басланғанынан берли ҳәр үш адамнан бири үйин таслап кеткен. Соның ушын ХМШ урыстан жәбир көрген 1,3 миллион суданлыға жәрдем бериў ушын 170 миллион доллар жумсайды. Жергиликли жәмийетшиликлер ҳәм мәкемелерди қоллап-қуўатлаў, сапалы жәрдем көрсетиў ҳәм және де турақлы, жергиликли бағдарланған илажларды тәмийинлеўге инвестиция киргизиў де тийкарғы әҳмийетке ийе.

Г.Сатторова, ӨзА