Ишки ислер уйымларының миграция ҳәм персоналластырыў тараўындағы жумысын санластырыў арқалы сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 11-марттағы “Өзбекстан Республикасында шахсқа тийисли мағлыўматларды қорғаў жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша илажлар ҳаққында”ғы ПП-45-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў және миграция ҳәм персоналластырыў тараўында басқарыў системасын жетилистириў, жасалма интеллект имканиятларынан кеңнен пайдаланыў арқалы халыққа жедел ҳәм сапалы хызмет көрсетиў және тараўда санластырыў процесслерин избе-из даўам еттириў мақсетинде қарар етемен:
- I. Тийкарғы бағдарлар
- Төмендегилер миграция ҳәм персоналластырыў тараўында мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
а) ишки ислер уйымларының миграция ҳәм персоналластырыў бөлимлерин басқышпа-басқыш оперативлик ҳәм ашық-айдынлық принциплери тийкарында халыққа және де қолайлы ҳәм сапалы хызмет көрсететуғын “сервис бөлимлери”не айландырыў;
б) миграция ҳәм персоналластырыў тараўында республика – ўәлаят – район (қала) бөлимлериниң жумысын шөлкемлестириўди сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў ҳәм олардың нәтийжелилигин арттырыў;
в) миграция ҳәм персоналластырыў тараўында көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлерди санластырыў;
г) шахсқа тийисли мағлыўматлардың дурыслығы ҳәм исенимлилигин тәмийинлеў;
д) тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў арқалы бар мәлимлеме системаларында мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў.
- II. Шөлкемлестириў илажлары
- Төмендегилер:
а) Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Миграция ҳәм персоналластырыў департаменти (кейинги орынларда – Департамент) ҳаққындағы реже 1-қосымшаға муўапық;
б) Ишки ислер уйымларының миграция ҳәм персоналластырыў тараўындағы жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў бойынша “жол картасы” 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 2026-жыл 1-майдан баслап эксперимент тәризинде Ташкент, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятлары және Қарақалпақстан Республикасында район (қала)лық ишки ислер уйымларының миграция ҳәм персонализациялаў бөлимлеринде өзине-өзи хызмет көрсетиў имканияты жаратылған, жасалма интеллект тийкарында жумыс алып баратуғын “Ақыллы” миграция шақапшалары (Smart migration stations) шөлкемлестирилсин. Бунда:
а) дәслепки басқышта “Ақыллы” миграция шақапшаларында 3-қосымшада келтирилген мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи;
б) Ишки ислер министрлиги тәрепинен өзине-өзи көрсетилетуғын хызметлер түрлери кеңейтилип барылады.
- Ишки ислер министрлиги (А.А.Ташпулатов) 2027-жыл 1-майға шекем эксперимент нәтийжесинен келип шығып, “Ақыллы” миграция шақапшаларын республиканың басқа аймақларында, сондай-ақ, саўда ҳәм кеўилашар орайлар, туристлик аймақларда да шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
III. Халыққа қолайлықлар жаратыў
- Ишки ислер министрлиги, Санлы технологиялар министрлиги, Салық комитети және Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң төмендеги усыныслары мақуллансын:
а) 2026-жыл 1-майдан баслап Департамент ҳәм оның аймақлық басқармаларына Өзбекстанға электрон кириў визасы тийкарында кирип келген сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың электрон визаларының әмел етиў мүддетин бир мәрте 30 күнге шекем создырыў ҳуқықын бериў;
б) сырт ел пуқараларына Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиў ҳуқықын беретуғын тастыйықламаны рәсмийлестириў ўәкиллигин Департамент ҳәм оның аймақлық басқармаларына да бериў;
в) аймақлық ишки ислер уйымлары басшыларына сырт ел пуқаралары билим алып атырған мәкемелер ямаса мийнет пенен шуғылланып атырған кәрхана ҳәм шөлкемлерде виза мүддетин создырыў, турған жери бойынша дизимнен өткериў ушын кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң қаржылары есабынан шәртнама тийкарында миграция бөлимине аттестацияланған қосымша штат бирликлерин киргизиў ҳуқықын бериў;
г) 2026-жыл 1-сентябрьден баслап студентлер жатақханасына жайласыў бойынша шәртнама дүзиў менен бир ўақытта студентлердиң турған орны бойынша дизимге алыўдың композит тәртибин енгизиў;
д) 2026-жыл 1-февральдан баслап физикалық тәреплерге идентификациялаўшы ID карталар биринши мәрте рәсмийлестирилгенде оның чипине киргизилетуғын электрон санлы имза сертификатын бийпул бериў ҳәм пуқараны “Электрон ҳүкимет” системасы пайдаланыўшыларын идентификациялаў бирден-бир мәлимлеме системасында автомат тәризде бийпул дизимнен өткериў.
- IV. Миграция ҳәм персоналластырыў тараўын санластырыў
- Департамент физикалық тәреплердиӊ төмендеги орайлық мағлыўматлар базаларын қәлиплестириў ҳәм турақлы жаңалап барыў бойынша ўәкилликли уйым болып есапланады:
а) сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы пуқараларының жасаў ҳәм турған жери бойынша дизимге алынған мәнзили ҳаққындағы мағлыўматлар;
б) идентификациялаўшы ID карта сериясы, номери, берилген орны ҳәм де берилген сәнеси ҳәм тамамланыў сәнеси ҳаққындағы мағлыўматлар;
в) Өзбекстан Республикасы пуқаралығы ҳаққындағы мағлыўматлар;
г) Өзбекстан Республикасы пуқаралары, Өзбекстан Республикасында турақлы жасайтуғын сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар;
д) Өзбекстан Республикасына мирәт етилген шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар ҳаққындағы, сондай-ақ, олардың виза мүддети создырылғанлығы ҳаққындағы мағлыўматлар.
- Ишки ислер министрлиги (А.А.Ташпулатов) 2026-жыл 1-августқа шекем жасалма интеллект технологиялары тийкарында:
а) миграция ҳәм персоналластырыў тараўына байланыслы электрон мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў, онлайн ҳуқықый мәсләҳәт бериў, жүклемеси аз болған миграция бөлимлери ҳаққында мағлыўмат алыў имканиятын беретуғын “Паспорт-виза” автоматластырылған мәлимлеме системасының комплексиниң “Passport-visa” мобиль қосымшасын ислеп шықсын.
Онда бул мобиль қосымша арқалы көрсетилиўи нәзерде тутылған миграция ҳәм персоналластырыў тараўына байланыслы электрон мәмлекетлик хызметлер дәслеп Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында жолға қойылады;
б) сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар тәрепинен Өзбекстанда болыў қағыйдаларына әмел етилиўин “Қәўипсиз қала” системасы арқалы анықлаў ҳәм мониторинг етиў имканиятын жарацын;
в) миграция ҳәм персоналластырыў тараўында басқа шахстың келисими талап етилетуғын мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде олардың шахсын автоматластырылған мәлимлеме системасы комплексиниң “Face-ID” модули арқалы аралықтан турып анықлаў ҳәм келисимин алыў имканиятын беретуғын “E-Rozilik” платформасын иске қоссын.
- 2026-жыл 1-сентябрьден баслап төмендеги мәмлекетлик хызметлерди Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетиў имканияты жаратылатуғыны белгиленсин:
а) сырт елде жасап атырған ўатанласлар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын Өзбекстан Республикасына мирәт етиў;
б) пуқаралығы болмаған шахслардың биометрикалық ҳәрекетлениў ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ушын арза жибериў;
в) мүлк ийеси ямаса турған орны бойынша дизимге алынған Өзбекстан Республикасы пуқарасының мүрәжаты тийкарында оның турған орны бойынша дизимге алынғанлығын бийкарлаў ушын арза жибериў.
- Ишки ислер министрлиги Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте 2026-жылдың ақырына шекем шахсқа байланыслы мағлыўматлардың турақлы жаңаланыўы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик хызметлердиң санын арттырыў және тәкирарланатуғын мағлыўматларды бирлестириў арқалы мәлимлеме ресурсларынан пайдаланыў қолайлығын арттырыў мақсетинде Персоналластырыў орайының мағлыўматлар базалары ҳәм программалық тәмийнатларын Ишки ислер министрлигиниң “Паспорт-виза” автоматластырылған мәлимлеме системасының комплексине бирлестирсин. Бунда:
а) шахсқа тийисли мағлыўматлар жәмленген “Бирден-бир санлы миграция” платформасы жаратылады (Digital migration platform);
б) “Паспорт-виза” автоматластырылған мәлимлеме системасының комплексин жетилистириў, қоллап-қуўатлаў, Департамент ҳәм оның төменги системалары ушын сервер, компьютер ҳәм басқа да қурылмаларды сатып алыўға байланыслы қәрежетлер Ишки ислер министрлиги ҳәм Персоналластырыў орайының бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылады.
- V. Қарардыӊ орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
- Ишки ислер министрлиги (З.К.Курбанов) Департаменттиң мәлимлеме технологиялары ҳәм телекоммуникация инфраструктураларын раўажландырыў және техникалық қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, барлық мәлимлеме системалары, программалық тәмийнатлар ҳәм мағлыўматлар базаларында мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Ишки ислер министрлиги (А.А.Ташпулатов) үш ай мүддетте:
а) миграция ҳәм персонализация бөлимлерине сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың Өзбекстанда нызамсыз мийнет искерлиги менен шуғылланғаны ушын ҳәкимшилик илаж көриў ўәкиллигин бериўди нәзерде тутыўшы нызам жойбарын ислеп шықсын;
б) нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 4-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри А.А.Ташпулатов белгиленсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы департамент баслығы Д.Б.Кадировқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президент Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2026-жыл 19-январь