Өзбекстанлылар ушын АҚШ визасын әпиўайыластырыў бойынша сөйлесиўлер басланған

Өзбекстанның АҚШтағы елшиси Фурқат Сиддиқовтың айтыўынша, халық ушын АҚШ виза режимин жеңиллетиў бойынша турақлы ҳәрекет алып барылмақта. Күтилген нәтийжеге ерисиў болса аңсат болмаўы тәбийғый.
“АҚШқа визасыз кириўге ерисиў узақ ўақыт талап ететуғын процесс. Бирақ бул бойынша сөйлесиўлер алып барып атырмыз. Әлбетте, қандай виза режимин енгизиў, қандай шәртлер қойыў Америка ҳүкиметиниң ишки сиясатына байланыслы. Ҳәзирги ўақытта тек АҚШқа емес, ал Бразилия, Канада ҳәм басқа да мәмлекетлерге халқымыздың визасыз барыўын тәмийинлеў бойынша турақлы сөйлесиўлер алып барылмақта,” – деди елши.
Қарақалпақстан хабар агентлиги