Миллий гвардия тәрепинен дизимге алыў жумысларына әмелий жәрдем берилди

Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 19-сентябрьдеги “Өзбекстан Республикасында халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажын өткериў ҳаққында”ғы Пәрманының орынланыўы шеңберинде республика аймақларында тийисли илажлар избе-из әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы жумысшы топарына бириктирилген аймақларда дизимге алыў процесслерин белгиленген тәртип тийкарында шөлкемлестириўге әмелий жәрдем көрсетилмекте. Ҳәзирги ўақытта республикамыздың Тақыятас районында усы илажды нәтийжели өткериўге қаратылған жумыслар алып барылмақта.
Пәрманның орынланыўы шеңберинде Миллий гвардия командириниң орынбасары С.Мамаюсупов қатнасыўындағы жумысшы топар тәрепинен Тақыятас районында шөлкемлестирилген дизимге алыў штабының жумысы менен танысты.
Сондай-ақ, сапар даўамында райондағы шөлкем, кәрхана ҳәм мәкемелер штабларында хызметкерлерди «census.stat.uz» платформасы арқалы дизимнен өткериў жумысларын сапалы шөлкемлестириў бойынша әмелий жәрдем көрсетилди.
Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажы мәмлекетимизде социаллық-демографиялық жағдайды, мийнет ресурсларын ҳәм аўыл хожалығы потенциалын анық есапқа алыў, сондай-ақ, келешекте мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм стратегиялық режелерди ислеп шығыўда әҳмийетли дерек болып хызмет етеди.



Бизге белгили, дизимге алыўдың биринши басқышы 15-январьдан 31-январьға шекем OneID системасы арқалы онлайн тәризде әмелге асырылмақта. Екинши басқыш болса 4-февральдан 28-февральға шекем мәҳәлле жетилиги ағзалары тәрепинен үйме-үй жүриў ҳәм планшетлер арқалы мағлыўматларды киргизиў жолы менен жуўмақланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги