Қара ҳәм реңли металлардыӊ бөлеклери менен шығындыларын таярлаў лицензияланады

23

Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Нызам менен киргизилген қосымшаларға бола, төмендеги жумыс түрлерин әмелге асырыў ушын лицензиялаў тәртиби енгизилетуғыны белгиленди:

– қара металл сынығы ҳәм шығындыларын таярлаў (сатып алыў), қайта ислеў ҳәм реализациялаў;

– реңли металл сынығы ҳәм шығындыларын таярлаў (сатып алыў), қайта ислеў ҳәм реализациялаў;

– тәбийғый газдиң көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы.

Бул жумыс түрлери бойынша лицензия алыўда төмендеги муғдарларда мәмлекетлик бажы өндирилиўи белгиленди:

– қара ҳәм реңли металл сынығы ҳәм шығындыларын таярлаў (сатып алыў), қайта ислеў, реализациялаў жумысы – БЕМниң 10 есеси муғдарында;

– тәбийғый газдиң көтере ҳәм усақлап сатыўы – БЕМниң 30 есеси муғдарында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги