“Еркек” фильминин премьерасы болып өтти

Өзбекстан Миллий кино көркем өнери сарайында “Еркек” атлы көркем фильмниң үлкен премьерасы болып өтти.
Илажда кино дөретиўшилери, тараў жуўапкерлери, кино ықласбентлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Халқымызда еркеклер – шаңарақ қорғанының сақшысы, мәртлик, сақаўат, кеңпейиллик тымсалы сыпатында да оғада қәдирленеди.

“Еркек” фильми инсаныйлық, меҳир, садықлық ҳәм парыз сыяқлы жоқары қәдириятларды өзинде жәмлеген терең мәнаўий шығарма екени менен дыққатқа ылайық.
Көркем фильмде аўыр кеселлик ийримине түскен өмирлик жолдасын өмириниң соңғы демине шекем таслап кетпей, оған сүйениш болып жасаған инсанның мәртлиги ҳәм пидайылығы тәсиршең түрде сәўлелендириледи. Бундай тәсирли ҳәм турмыслық ҳақыйқатлық тамашагөйлерди бийпәрўа қалдырмайды.
Фильм тамашагөйлерди муҳаббаттың ҳақыйқый мәниси, сабыр ҳәм опадарлықтың ҳақыйқый баҳасы ҳаққында терең пикир жүргизиўге шақырады.

Бул көркем фильм Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2024-жыл 13-декабрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген тийисли тапсырманың орынланыўы шеңберинде сүўретке алынған.
“Еркек” – бул тек ғана фильм емес, ал инсаный мәртлик ҳәм шексиз муҳаббаттың өзине тән талқылаўы болып есапланады.
Н.Усмонова, ӨзА