Халықты дизимге алыўдың медицинадағы әҳмийети қандай?

Усы жылы мәмлекетимизде халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажы әмелге асырылады. Бул процесстиң бир қатар әҳмийетли тәреплери бар. Яғный, анық ҳәм исенимли статистика мәмлекеттиң келешектеги сиясатын белгилеў, экономикалық ҳәм социаллық реформаларды әмелге асырыўда әҳмийетли орын ийелейди. Соның ишинде, дизимге алыў илажы медицина тараўы ушын да айрықша әҳмийетке ийе.
Бул бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Севара Убайдуллаева өз пикир-усынысларын билдирди:
– 2026-жылы өткерилиўи режелестирилип атырған халықты дизимге алыў илажы мәмлекетимиз медицина системасын заманагөй демографиялық ўақыяға бейимлестириўде әҳмийетли илимий-әмелий тийкар болып хызмет етеди.
Соңғы отыз жылдан аслам ўақыт даўамында халқымыздың саны, жас қурамы ҳәм аймақлық жайласыўында үлкен өзгерислер жүз берди. Бул процесслер медициналық хызметлерди шөлкемлестириўде ески көзқараслардан ўаз кешип, анық мағлыўматларға тийкарланған жаңа системалы қарарларды қабыл етиўди талап етпекте. Халықты дизимге алыў нәтийжесинде алынатуғын исенимли статистикалық мағлыўматлар медицина тараўындағы басқарыў қарарларын реал фактлерге сүйенген ҳалда қабыл етиў имканиятын береди.

Медицина системасы ушын ең әҳмийетли бағдарлардан бири – медициналық инфраструктураны ақылға уғрас жайластырыў. Бүгинги күнде қала ҳәм аўылларда халықтың тығызлығының анық емес бөлистирилиўи айырым аймақларда медицина мәкемелерине артықша жүклеме түсиўине, басқа жерлерде болса бар имканиятлардың толық иске қосылмаўына алып келмекте. Халықты дизимге алыў ҳәр бир мәҳәлле ҳәм район кесиминде халықтың санын анық белгилеп береди. Бул болса жаңа емлеўханалар, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм тез медициналық жәрдем шақапшаларын халық ушын ең қолайлы ҳәм зәрүр орынларда шөлкемлестириўге хызмет етеди. Нәтийжеде медициналық хызмет пуқараларға және де жақынласады ҳәм “аралықлық тосығы” сапластырылады.
Екинши әҳмийетли тәрепи – медициналық хызметлердиң мәнзиллилигин ҳәм сапасын арттырыў. Халықтың жас қурамы, жынысы ҳәм социаллық жағдайы ҳаққындағы анық мағлыўматлар ҳәр бир аймақ ушын зәрүр болған медицина қәнигелериниң резервин қәлиплестириў имканиятын береди. Мәселен, балалар көп болған аймақларда педиатрия хызметин күшейтиў, кексе халық үстин болған орынларда болса геронтология, кардиология ҳәм басқа да қәнигелескен бағдарларды раўажландырыў мүмкин болады. Бул болса медицина хызметкерлериниң мийнет ресурсларын дурыс бөлистириў ҳәм халыққа сапалы, қәнигелескен жәрдем көрсетиўге хызмет етеди.
Халықты дизимге алыў халқымыз ушын дәри-дәрмақ ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеўде де үлкен унамлы нәтийже береди. Реал санлар тийкарында қәлиплестирилетуғын мағлыўматлар базасы мәмлекет тәрепинен бийпул ямаса жеңиллетилген түрде берилетуғын дәри қураллары ҳәм медициналық хызметлердиң көлемин анық есап-санақ етиў имканиятын жаратады. Бул “дәри жетиспеўшилиги” ямаса “артықша резерв” сыяқлы машқалалардың алдын алып, бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлейди. Ең әҳмийетлиси, ҳәр бир наўқас зәрүр емлениўди өз ўақтында алыўына кепиллик жаратылады.
Сондай-ақ, халықты дизимге алыў профилактикалық медицина ҳәм скрининг бағдарламаларын жаңа басқышқа алып шығады. Анық демографиялық көрсеткишлерге сүйенген ҳалда кеселликлер қәўпи жоқары болған топарлар менен системалы ислесиў имканияты пайда болады. Бул кеселликлерди ерте анықлаў, өлимшилик көрсеткишлерин азайтыў ҳәм халықтың саламат өмир сүриў даўамлылығын созыўда ең нәтийжели жол есапланады.
2026-жылғы халықты дизимге алыў илажы денсаўлықты сақлаў системасында “санлардан сапаға өтиў” дәўирин баслап береди. Бул процесс ҳәр бир пуқараның сапалы ҳәм заманагөй медициналық хызмет алыў ҳуқықын әмелде тәмийинлеўге, тараўдағы бар машқалаларды системалы шешиўге хызмет етеди. Негизинде, анық мағлыўмат – дурыс қарар, нәтийжели диагноз ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жолындағы әҳмийетли қәдем.
Муҳтарама Комилова жазып алды. ӨзА