Қурылыс жойбарлары таныстырылды

Президент Шавкат Мирзиёев туризм, транспорт ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыўға қаратылған қурылыс жойбарларының презентациясы менен танысты.
Мәмлекетимиздиң экономикалық өсиўиниң жоқары пәтлери, мәмлекетимиздиң белсенди сыртқы сиясаты себепли халықаралық бирге ислесиў кеңейип, елимиз исбилерменлик ҳәм туризм орайына айланып атырғаны инфраструктураны соған сәйкес раўажландырыўды талап етпекте. Сонлықтан, заманагөй транспорт тармақлары, хызмет көрсетиў объектлери ҳәм жәмийетлик имаратларды қурыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Презентацияда түрли аймақлардағы қурылыс режелери көрип шығылды.
Соның ишинде, Хийўа қаласында Конгресс орайы ҳәм тарийхый-этнографиялық бағ қурылысы режелестирилген. Бул имаратлар қалада ири халықаралық әнжуманлар өткериў ҳәм туристлер ағымын көбейтиўге хызмет етеди.

Қурылысы режелестирилген Конфуций институты ҳәм Лу Бан устаханасында мәдений-ағартыўшылық илажлар өткериў, жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыў ушын шараятлар жаратылады.
Үргенш халықаралық аэропортын модернизациялаў шеңберинде оның инфраструктурасын кеңейтиў, жолаўшылар ҳәм жүклерге хызмет көрсетиўдиң сапасын, логистика имканиятларын арттырыў арқалы аймақтың транспорт потенциалын жаңа басқышқа алып шығыў нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, Үргенш вокзалынан жаңаланған аэропортқа өз алдына темир жол линиясының тартылыўы нәтийжесинде жолаўшылар ушын қолайлық және де артады.
Сондай-ақ, әмелдеги Үргенш – Хийўа автомобиль жолын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў және оған альтернатив болатуғын жаңа автомобиль жолын қурыў режелери таныстырылды.
Ферғана қаласында экспоорай қурыў жойбары да додаланды. Бул комплексте халықаралық көргизбелер, бизнес форумлар ҳәм ири илажлар өткериў ушын зәрүр шараятлар жаратылатуғыны, бул болса аймақтың инвестициялық тартымлылығын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, Бурханиддин Марғилоний илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў жойбары таныстырылды. Орайда руўхый мийрас ҳәм илимий изертлеўлер бағдарында халықаралық дәрежедеги жумысты жолға қойыў, заманагөй илимий мектеп қәлиплестириў нәзерде тутылған.
Бухара мәмлекетлик университетиниң жаңа заманагөй кампусын қурыў бойынша усыныслар да көрип шығылды. Университетте профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер ушын қолайлы билимлендириў ҳәм илимий орталық жаратыў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.
Режелестирилген жойбарлардан бири – Ташкент қаласында заманагөй көркем гимнастика комплекси. Бул орайда жаслардың талантын жүзеге шығарыў ҳәм профессионал көркем гимнастикашыларды таярлаў ушын зәрүр шараятлар жаратылады.
Президентимиз жойбарларды әмелге асырыўда сапа, қолайлық ҳәм заманагөй талапларға қатаң әмел етиў, қала қурылысы мәдениятын арттырыў және халықтың талапларын есапқа алыў әҳмийетли екенлигин атап өтип, жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.
ӨзА