Ўатан қорғаўшылары күнине арналған ушырасыў ҳәм байрам кешеси болып өтти

14

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 34 жыл толыўы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған ушырасыў ҳәм байрам кешеси болып өтти.

Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы ветеренлар кеңесиниң баслығы, резервдеги майор Дәстан Алламуратов, оның орынбасары, резервтеги сержант Бахыт Қанназаров, аўған урысы қатнасыўшысы, резервтеги сержант Мурат Абдуллаев, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәлимлеме технологиялары тараўындағы жынаятларға қарсы гүресиў басқармасының аға инспекторы Атабек Ходжаев, факультет деканларының орынбасарлары, тьюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қувондиқ Қодиров шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды байрам менен қутлықлады ҳәм мәмлекетимиз Қураллы Күшлериниң дүзилиўи, соңғы жылларда миллий армиямызды еле де раўажландырыў, оның жаўынгерлик таярлығын жетилистириў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, халықаралық абыройын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, тараўдағы реформалардың нәтийжелери ҳаққында мағлыўматлар берди.

Өткен жыллар даўамында Өзбекстан Республикасын раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер, сондай-ақ, Раўажланыў стратегиялары ҳәм Қорғаныў докторинасы тийкарында әҳмийетли және тарийхый қарарлар қабыл етилди. Әсиресе, елимиз көлеминде әскерий-ҳәкимшилик секторларының дүзилгенлиги, жергиликли бюджет қаржылары есабынан әскерий хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў, оларға мүнәсип жумыс ҳәм турмыс шараятларын жаратып бериўде исленип атырған жумыслар өз нәтийжелерин бермекте.

Атап айтқанда, миллий армиямыздың аймақлық, халықаралық рейтинглердеги, өткерилип атырған ҳәр қыйлы жарыслардағы көрсеткишлери жоқарыламақта. Бүгинги күнде Қураллы Күшлеримиз дүнья жүзинде ҳәм ҒМДА, соның менен бирге, Орайлық Азия мәмлекетлери арасында жоқары орынларды ийелемекте.

Миллий, аймақлық ҳәм глобаллық қәўипсизликке қарсы ҳәр қыйлы қәўиплер жүз берип атырған бүгинги күнде халқымыздың тыныш ҳәм парахат турмыста өмир сүриўи, шегараларымыздың пүтинлигин және қолқатылмаслығын тәмийинлеў ҳәр биримиздиң алдымыздағы баслы ўазыйпалардан бири болып есапланады.

Илажда усындай үлкен мақсетлерден келип шығып, Президентимиздиң «Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға белгиленген Раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманында көрсетип өтилген жети баслы бағдардың бири елимиз қәўипсизлиги ҳәм қорғаныў потенциалын күшейтиў, ашық-айдын ҳәм прагматикалық, жедел сыртқы сиясат алып барыў екенлиги, сондай-ақ, олардан келип шығып әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Соның менен бирге, ветеран әскерий хызметкерлер жасларға өзлериниң өмир жолы, аўған урысының ақыбетлери ҳаққында айта келип, бүгингидей тыныш ҳәм парахат турмысымыздың қәдирине жетип, жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўға ҳәм елимиздиң раўажланыўына үлеслерин қосыўға шақырды.

Илаж институттың «Тумарис» халық ансамбли ҳәм талантлы студент-жаслары атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги