Гренландияны 51-штатқа айландырыў ҳаққындағы нызам жойбары усыныс етилди

Флорида штатынан Ўәкиллер палатасына республикашы ағза Файн Гренландияны аннекциялаў ҳәм атаўды Қурама Штатлардың 51-штатына айландырыў ҳаққындағы нызам жойбарын усынды.
Ол Арктикадағы жүк тасыў жолларының стратегиялық әҳмийети көзқарасынан Гренландия миллий қәўипсизликтиң әҳмийетли факторы екенин, атаўды басқарыў АҚШ қәўипсизлик системасы шынжырының әҳмийетли буўыны үстинен қадағалаўды атап өтип, “Бул аймақтың Америка мәпине қәўип туўдыратуғын мәмлекетлер тәрепинен басқарылыўына жол қоя алмаймыз,” деп атап өтти.
Жойбар Президент Дональд Трампқа Гренландияны сатып алыў бойынша Дания менен сөйлесиў алып барыў ҳәм кейин атаўды АҚШ штаты сыпатында қабыл етиў ушын нызамшылық көзқарасынан зәрүр болатуғын әмелият бойынша Конгресске есабат таярлаў ўәкиллигин береди.
С.Раҳимов, ӨзА