Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

11

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Мәмлекетимиздиң қорғаныў қүдиретин беккемлеў, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырыў, мәмлекетлик қәўипсизликти ҳәм шегараларымыздың қол қатылмаслығын тәмийинлеў, профессионал миллий армияны қәлиплестириў, әскерий хызметтиң абырайын арттырыўдағы үлкен хызметлери, жәмийетте тынышлық ҳәм турақлылықты, халқымыздың тынышлығын сақлаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў бағдарындағы ибратлы жумысы, мақтанышлы ҳәм муқаддес миннетин орынлаўда мәртлик көрсеткени, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жоқары маман кадрларды таярлаўға қосқан мүнәсип үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Шуҳрат» медалы менен

Айтмуратов Руслан Анвар улы – Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының бөлим баслығы

Жаксымуратов Мират Маратович – Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы ишки ислер бөлиминиң бөлим баслығы

 

Ўзбекистон Республикаси Президенти

Ш. Мирзиёев

Тошкент қаласы,

2026-жыл 12-январь