Футболшыларымыз шерек финалда

Кеше Саудия Арабстанының Ар-Рияд қаласындағы “Шахзада Файсал бин Фаҳд Спорт Сити” стадионында футбол бойынша 23 жасқа шекемги жаслар арасында өткерилип атырған Азия кубогинде 3-тур ойыны болып өтти.
Онда Равшан Хайдаров басшылығындағы Өзбекстан жаслар сайланды командасы «С» топарының жетекшиси болып киятырған Қубла Корея сайланды командасы менен өз-ара ушырасты. Қызықлы өткен ойынның биринши таймында командамыз футболшылары тәрепинен бир неше қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирилгени менен дәрўазаға гол урылмады.
Екинши тайм басланыўы менен командамызда еки өзгерис жүз берди. Атап айтқанда, Муҳаммедалий Реймовтың орнына Саидумархон Саиднуруллаев, Абдуғафур Ҳайдаровтың орнына Амирбек Саидовлар майданға түсирилди. Бул ойында түпкиликли өзгерис жасап, командамыздың ойындағы үстинлигин тәмийинледи ҳәм ушырасыўдың 48-минутында Беҳруз Каримов, 70-минутында Саидумархон Саиднуруллаев Қубла Корея дәрўазасын еки мәрте анық нышанға алыўға еристи. Ушырасыўдың қалған минутларында да командамыз бир неше мәрте Корея дәрўазасына гол урыў имканиятына ийе болды. Бирақ, ойында буннан басқа гол урылмады.
Солай етип, бул топарда Өзбекстан сайланды командасы 7 упай менен биринши, Қубла Корея сайланды командасы 4 упай топлап, жарыстың шерек финалына жолламаны қолға киргизди. Шерек финал ойыны 17-январь күни өткериледи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы