Украинада әскерий жағдай ҳәм мобилизация және созылыўы мүмкин

13

Украина президенти Владимир Зеленский мәмлекет парламенти – Жоқары Радаға әскерий жағдай ҳәм улыўма мобилизацияны және 90 күнге созыў ҳаққындағы нызам жойбарын усынды.

“АзерТАЖ” хабарына бола, әскерий жағдай ҳәм мобилизацияны усы жыл 3-февральдан 3-майға шекем созыў усыныс етилген.

Егер парламент нызам жойбарын тастыйықласа, үлкеде әмелдеги қәўипсизлик илажлары ҳәм мобилизация процесслери даўам еттириледи.

Г.Сатторова, ӨзА