2025-жылы 1 600 ден аслам кәрхана халықаралық стандартларға өтти

23

2025-жылы мәмлекетимизде халықаралық стандартлар мәселесине айрықша итибар қаратылғанын көриў мүмкин. Техникалық тәртипке салыў агентлиги тәрепинен 1 600 ден аслам кәрхананы қамтып алған реже ислеп шығылды ҳәм әмелде орынланды.

Нәтийжеде мыңлаған кәрханаларда халықаралық менеджмент системалары енгизилди. Қарақалпақстаннан баслап Ташкент қаласына шекемги көплеген аймақларда режелер толық орынланды. Айырым орынларда болса белгиленген көрсеткишлерден де жоқары нәтийжелер атап өтилди. Бул болса кәрханаларда сапаға болған талап күшейгенинен дерек береди.

ӨзА