Италияның Өзбекстандағы жаңа елшиси тайынланды
14

Өзбекстан Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Италияның Өзбекстандағы жаңа тайынланған елшиси Гвидо Де Санктисттен исеним жарлықларының нусқаларын қабыл етип алды. Бул ҳаққында СИМ басшысы өзиниң Telegram каналында мәлим етти.
Мәлим етилиўинше, ушырасыў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланып, саўда, инвестиция ҳәм экономикалық байланысларды кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылған.
Сондай-ақ, әмелий бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм исбилермен топарлар арасындағы байланысларды хошаметлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилген.
“Елши мырзаға мәмлекетимиздеги жумысы даўамында табыслар тилеймиз,” деп жазады Саидов.
Қарақалпақстан хабар агентлиги