Жасларға “Халықаралық жыл студенти” сыйлығы тапсырылды

21

Пайтахтымыздағы Жаслар дөретиўшилик сарайында “Халықаралық жыл студенти” сыйлығын тапсырыў мәресими болып өтти.

Бул сыйлық дүньяның жетекши университетлеринде билим алып атырған өзбекстанлы студентлердиң академиялық, социаллық ҳәм профессионаллық жетискенликлерин тән алыўға қаратылған болып, Өзбекстан Халықаралық студентлер аўқамы тәрепинен Жаслар ислери агентлиги ҳәм “Эл-юрт умиди” қорының жәрдеминде шөлкемлестирилди.

Сыйлықлар “Жыл студенти”,  “Жәмийет ҳәм диаспора раўажланыўына қосқан үлеси”, “Өзбекстанды халықаралық майданда мүнәсип көрсетиў” ҳәм “Жыл инновациясы” номинациялары бойынша тапсырылды.

Илажда атап өтилгениндей, бул баслама сырт елде билим алып атырған жасларымызды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың мәмлекет раўажланыўындағы қатнасын күшейтиўге хызмет етеди.

Гулноза Бобоева, Аслиддин Алижонов (фото), ӨзА