Коррупциялық қәўип-қәтерлерди қадағалаўға жасалма интеллект енгизиледи

2

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында коррупция мәмлекеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын, әдиллик ҳәм нызам үстинлигин жолдан шығаратуғын, жәмийетте исеним орталығын төменлететуғын ең әҳмийетли қәўип екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 30-декабрьдеги “Өзбекстан Республикасында коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында”ғы пәрманы бул бағдардағы әҳмийетли әмелий қәдем болды.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң директоры Акмал Бурхонов бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып берди:

– Коррупцияға қарсы маўасасыз гүресиў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарына айланды. Мүрәжатта Президентимиз “Коррупцияға жол қойыў болса – реформаларымызға қыянет болып есапланады.  Бул иллетке қарсы гүресиў бойынша 2026-жылы “айрықша жағдай” жәриялаймыз,” деп айрықша атап өткени бул бағдардағы жумыслар жаңа, әмелий басқышқа шыққанын билдиреди.

Мүрәжаттан кейин-ақ қабыл етилген пәрман коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты избе-из даўам еттириўге қаратылған. Мәмлекетимиздиң халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги позициясын және де жақсылаў, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң жумысын жаңа басқышқа көтериў мақсетлерин нәзерде тутады.

Буның нәтийжесинде тараўдағы 5 мыңнан аслам хызметкердиң жумысы сәйкеслестириледи.  Вертикаль ҳәм горизонталь бирге ислесиў системасы жаратылады. Коррупцияға қарсы миллий сертификатлаў менеджмент системасы жолға қойылады. Тараўда жасалма интеллектке тийкарланған “Қәўип-қәтер анализи орайы”, “Санлы комплаенс” платформалары енгизиледи. Кластерди жаратыў арқалы барлық уйымлардың жумысы бирден-бир экосистемаға бирлеседи.

Агентликке коррупцияға қарсы гүресиў тараўында превентивлик механизмлерди енгизиўге қаратылған бир қатар қосымша ўазыйпалар жүкленди. Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы Миллий сертификатластырыў менеджмент системасы енгизилмекте.

Бул система мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүресиў жумысын баҳалаў ҳәм сертификатлаў тәртибин белгилейди. Бул арқалы тараўға миллий сертификатлаў менеджменти системасы енгизилип, ҳәр жылы орташа 20 дан аслам шөлкем миллий сертификатқа ийе болады. Бул сертификат халықаралық ISO 37001 стандартының альтернативине айланады.

“E-qaror” системасында қабыл етилетуғын ҳүжжетлерди жәриялаўда ашықлыққа байланыслы нызамшылыққа әмел етилиўин қадағалаў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша тәсиршең илажлар қолланылады.

“E-qaror” системасына 2021-2025-жылларда 24 мың 417 ҳүжжет киргизилген болып, олардың 37 проценти “жасырылған,” соннан 21 проценти болса қаржы ажыратыў менен байланыслы.

Соның менен бирге, республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен қабыл етилген ҳүжжетлерди “E-qaror”  электрон системасында тийкарсыз түрде жәрияламаў – мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққындағы нызамшылықты бузыў, деп есапланады ҳәм тийисли жуўапкершиликке тартыўға тийкар болады.

Буннан тысқары, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң коррупциялық қәўип-қәтер дәрежеси жоқары болған ўазыйпа ҳәм функцияларын санластырыў бойынша минимал талаплар ислеп шығылады.

Бүгинги күнде дәстүрий түрде көрсетилип атырған 300 ден аслам хызметлерди санластырыў бойынша талаплар ислеп шығылады.

Сондай-ақ, халықаралық финанс шөлкемлериниң қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын жойбарларды әмелге асырыў процесслери санластырылып, коррупция факторларын сапластырыў илажлары көриледи.

Бул арқалы өткерилетуғын тендерлерде бир жылда 40 тоннадан аслам қағаз үнемленеди. Сатып алыў ушын жумсалатуғын ўақыт болса 4 айдан 1 айға шекем кемейеди. Исбилерменлик субъектлериниң қатнасыўы кеңейип, басланғыш баҳаның 10-15 процентке арзанласыўына ерисиледи.

Агентликке Есап палатасы, Мәмлекетлик финанслық қадағалаў инспекциясы тәрепинен финанслық қадағалаў ҳәм аудитти әмелге асырыўда мәмлекетлик сатып алыўлар, мәплердиң соқлығысыўы, финанслық қәўип-қәтерлер бойынша өткерилген таллаўлар ҳәм үйрениў нәтийжелери менен мәлимлеме системасы арқалы танысыў имканияты жаратылады.

Агентликтиң буйыртпасына тийкарланып илимий тийкарланған шешимлер ислеп шығылады, маманлық арттырыў бағдарламалары шөлкемлестириледи.

Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери системадағы коррупциялық ҳуқықбузарлықлар жүз бериўиниң жағдайы ҳәм бағдарлары және оларды сапластырыў бойынша усынысларды ҳәр шеректе Агентликке усынып барады.

Пуқаралық жәмийети институтлары коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жәмийетлик қадағалаў, соның ишинде, жәмийетлик тыңлаў ҳәм мониторинги, жәмийетшиликтиң пикирин үйрениўди әмелге асырады.

Буннан тысқары, Агентлик жанында шөлкемлестирилип атырған “Қәўип-қәтерди таллаў орайы”на министрликлер ҳәм уйымлардың 30 ға шамалас мағлыўматлар базалары интеграцияланып, коррупциялық қәўип-қәтерлерди қадағалаўға жасалма интеллект енгизиледи.

Мәселен, soliq.uz базасы арқалы шөлкем шөлкемлестириўшилери ҳаққындағы мағлыўмат пенен мәмлекетлик сатып алыўларда аффиллениў, “Электрон жынайый-ҳуқықый статистика” системасы арқалы коррупцияға байланыслы жынаятлар ҳәм олардың себеплери, “my.mehnat.uz”  базасы арқалы жақын туўысқанлардың тиккелей бири екиншисине бойсыныўында ислейтуғыны анықланады.

Нәтийжеде коррупциялық қәўип-қәтерлерди таллаў дәстүрий усылда (5-6 күн) әмелге асырыўдан санластырыўға өтип, бир саат ишинде орынланады. Коррупция қәўиплерин анықлаў ҳәм сапластырыўда барлық шөлкемлер қамтып алынады. Сондай-ақ, бүгинги күнде тексериў, мониторинг ҳәм статистика менен бәнт болған 20 хызметкер аймаққа түсип коррупция факторларын анықлаў жумыслары менен шуғылланыў имканияты жаратылады.

2026-жылда социаллық тараўды раўажландырыўға қаратылған барлық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда қаржылардың жумсалыўында ашық-айдынлықты тәмийинлеў механизми сыпатында мәҳәлле ҳәм жәмийетлик белсендилердиң қатнасыўында Инталы топарларды қәлиплестириў әмелияты енгизиледи.

2025-жылы айырым аймақларда шөлкемлестирилген бул топарлардың жумысы нәтийжесинде “Аўыл инфраструктурасын раўажландырыў” жойбары бойынша Әндижан ўәлаятында 42 миллиард сум үнемленген. Бул қаржылар ўәлаяттағы 5 районның 33 мәҳәллесине қаратылды. Нәтийжеде 4 мектеп, 3 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, 2 медицина орайы, 90 км электр энергиясы, 6 км ишки жол, 2 км ишимлик суўы қурыў (оңлаў) ушын бағдарланды.

Буннан тысқары, коррупциялық ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар берген шахсларды мийнет нызамшылығының бузылыўы, соның ишинде, мийнет жумысында күш көрсетиў жағдайларынан қорғаў мақсетинде Агентлик тәрепинен қорғаў ордерин бериў әмелияты енгизилмекте. Хошаметлеўдиң реал механизмлери жолға қойылмақта. Нәтийжеде коррупция ҳаққында хабар бериўшилердиң саны 50 процентке артыўы күтилмекте.

Коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўге мүнәсип үлес қосқан мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери, пуқаралық жәмиети институтларының ўәкиллери және белсенди пуқараларды хошаметлеў мақсетинде “Коррупцияға қарсы гүресиўге қосқан үлеси ушын” көкирек белгиси шөлкемлестириледи.

Агентлик ҳәр жылы 9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни алдынан “Коррупцияға қарсы гүресиўге қосқан үлеси ушын” көкирек белгиси менен сыйлықлаўды жолға қояды.

Булардың барлығы коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигиниң артыўына, жәмийетте коррупцияға маўасасыз орталықтың беккем орнаўына тийкар жаратады.

Норгул Абдураимова, ӨзА