Колумбия Трамптың қорқытыўына кескин жуўап берди

Колумбия жетекшиси Густаво Петро АҚШ Президентиниң баянатына жуўап ретинде кескин шығып сөйледи. “Euronews”тиң жазыўынша, ол Венесуэла басшысы Николас Мадуро тутқынға алыныўынан кейин күшейген басым шараятында суверенитет мәселеси қәўип астында қалса, мәмлекет “қолына қурал алыўға мәжбүр болыўы мүмкин екен”лигин билдирди.
– Мен қайтадан қурал пайдаланбаўға ант еткенмен, бирақ Ўатан ушын соған мәжбүр болыўым мүмкин, – деп социаллық тармақта жәрияланған Петроның мүрәжатынан үзинди келтирген басылым.
Петро алдын М-19 партизанлар топарының ағзасы еди. Бул ҳәрекет 1989-жылғы тынышлық келисимине тийкарланып қуралын таслаған.

Соның менен бирге Трамптың Петроға қарата кемситиўши баянаты ҳәм оны нәшебентлик затлар саўдасына байланыслылықта айыплаўы артынан жүзеге келген кескинлик әдеўир күшейди. Ҳәр қыйлы даўалар дәлил менен тастыйықланбаса да, Колумбия басшысы ҳәм оның шаңарақ ағзаларына финанслық санкция енгизилди. Соның менен бирге, бул мәмлекет АҚШтың нәшебентликке қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиўши мәмлекетлер дизиминен шығарылды.
Өз гезегинде Петро Қурама Штатлардың Кариб регионындағы әскерий әмелиятын сынға алып, күш ислетиў аўыр ақыбетке алып келетуғынын атап өтти. Оның айтыўынша, анық разведка мағлыўматысыз әмелге асырылған ҳүжим бийгүна халық, соның ишинде, балалар қурбан болыўына алып келеди ҳәм зорлықты және де күшейтеди.
Айтпақшы, Трамп администрациясы Колумбиядағы оң қанат оппозиция менен тығыз байланысты сақлап қалмақта. Улыўма, мәмлекетте усы жылы болып өтетуғын парламентлик ҳәм президентлик сайлаўлар тийкарында региондағы сиясий жағдай барған сайын кескин түс алмақта.
Мусулмон Зиё, ӨзА