Мадуроның қулаўына пул тиккенлер әдеўир пайда көрди

Венесуэла Президенти Николас Мадурониң ҳәкимияттан шетлетилиўи жәрияланыўы алдынан болжаў базарында есап-сансыз ақша айланғаны гүманларға себеп болды. Бул ҳаққында ВВС хабар берген.
Мақалада гәп АҚШтың жасырын әмелияты алдыннан мәлим болғаны ҳаққында барып атырғаны атап өтилген. Басылымның жазыўынша, криптоға тийкарланған “Polymarket” платформасында бир аты белгисиз пайдаланыўшы Мадуроның январь ақырына шекем ҳәкимияттан кетиўине пул тигип, 32 000 доллар орнына дерлик 436 000 доллар пайда тапқан. Гүманлы тәрепи, бул “аккаунт” платформаға жақында қосылған ҳәм тек ғана Венесуэла менен байланыслы гиреўге қосылған.

Мағлыўматларға қарағанда, 2-январь күни 6,5 процентке баҳаланған Мадуроның қулаўы итималы бир неше саат ишинде кескин артқан. Бундай өсиў Дональд Трамп қолға алыў процеси ҳаққында хабар бериўден бираз алдын бақланған.
“Күшли болжаўды” ким айтқаны белгисиз. Қәнигелер ҳәзирги жағдайда ишки мәлимлемеден пайдаланылғанын бийкарламай атыр. Және бир неше пайдаланыўшы да үлкен дәрамат алғаны атап өтилген.
Бул ўақыя АҚШ нызамшыларының итибарын тартты. Конгрессте жасырын мағлыўматқа ийе мәмлекетлик хызметкерлер болжаў базарына пул тиккенин қадаған етиў басламасы алға қойылды.
Улыўма, соңғы жыллары бул түрдеги бизнес АҚШта тез ғалаба ен жайған. Фонд базарынан парықлы рәўиште, бул тараў еле қатаң тәртипке салынбаған.
Мусулмон Зиё, ӨзА