Инглис тили муғаллимлерин таярлаўда жаңа басқыш

Британия Кеңеси Өзбекстанда инглис тили билимлендириўин раўажландырыў ҳәм болажақ муғаллимлерди таярлаў (PRESETT) системасын модернизациялаўға қаратылған миллий реформаларды қоллап-қуўатлаўда даўам етпекте.
Бул басламалар Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги және Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте әмелге асырылып атырғанын атап өтиў керек.
Бизге белгили, усы күнлерде пайтахтымызда инглис тили муғаллимлерин таярлайтуғын 50 ден аслам мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелери ўәкиллериниң қатнасыўында PRESETT миллий форумы өткерилмекте.
Форумда болажақ муғаллимлерди таярлаўдағы тийкарғы бағдарлар, бар машқалалар, рефлексив әмелият ҳәм инклюзив билимлендириўди оқыў бағдарламаларына интеграциялаў мәселелери додаланбақта.
Итибарлы тәрепи, усы жылдың 8-январь күни Британия Кеңеси ҳәм А.Авлоний атындағы педагогикалық шеберлик миллий институты менен биргеликте оқытыўшылардың үзликсиз кәсиплик раўажланыўын қоллап-қуўатлаўшы миллий платформа – “CPD Xab” иске қосылыўы режелестирилген.
Мусулмон Зиё, Ойбек Давронов, ӨзА