Бағыўшысын жоғалтқанлық ушын қанша муғдарда пенсия алыўы мүмкин?

13

Пенсия қоры бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясын алыў ушын арза берген пуқаралар қанша муғдарда пенсия алыўы мүмкин екенлиги ҳаққында мағлыўмат берди.

Онда айтылыўынша, нызамшылыққа муўапық бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясы қайтыс болған бағыўшының жумыс стажы ҳәм мийнет ҳақысынан келип шығып тайынланады.

Бул пенсия муғдары қайтыс болған бағыўшының мийнет етиў дәўириндеги жумыс стажы ҳәм мийнет ҳақысына байланыслы болады.

Мағлыўмат ушын, бүгинги күнде бағыўшысын жойытқанлық пенсиясының ең аз муғдары – айына 820 мың сум етип белгиленген, -деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги