Билимлендириўде жасалма интеллект: жәрдемши ме ямаса қәўип?

Соңғы жылларда жасалма интеллект түсиниги турмысымыздың дерлик барлық тараўларында көзге тасланбақта. Телефонларымыздағы даўыслы жәрдемшилерден баслап, интернеттеги аўдармашылар ҳәм текст жазыўшы программаларға шекем – булардың барлығы жасалма интеллект технологияларына сүйенеди. Бүгин болса бул технология билимлендириў системасында да жедел қолланылыўы заман талабы болып қалмақта. Усы жерде сораў туўылады: жасалма интеллект билимлендириў ушын жәрдемши ме ямаса қәўип пе?
Жасалма интеллектке, бәринен бурын, муғаллим ҳәм оқыўшы ушын қолайлы жәрдемши қурал сыпатында қараў керек. Мәселен, сабақ режелери, тест сораўлары, шынығыўлар ҳәм презентацияларды қысқа ўақыт ишинде таярлаў мүмкин. Бул болса педагогқа ўақытты үнемлеў ҳәм итибарды тийкарғы мақсет – билимлендириўдиң сапасы ҳәм тәрбияға қаратыў имканиятын береди. Сондай-ақ, жасалма интеллект билимлендириўде индивидуал қатнасты күшейтеди. Ҳәр бир оқыўшының билим дәрежеси, қызығыўшылығы ҳәм өзлестириў тезлигине сәйкес тапсырмаларды ислеп шығыў имканияты бар. Әсиресе, имканияты шекленген ямаса аралықтан билим алып атырған балалар ушын бул технология үлкен имканиятлар есигин ашады.
Бүгинги күнде көплеген оқыўшылар текстлерди түсиндириў, қурамалы темаларды әпиўайыластырып бериў ямаса мысаллар арқалы түсиндириўде жасалма интеллект қуралларынан пайдаланбақта. Дурыс бағдарланған жағдайда бул процесс билимди беккемлеўге хызмет етиўи мүмкин.
Бирақ жасалма интеллекттен пайдаланыў мәселесинде абайлылық зәрүр. Ең үлкен машқалалардан бири – оқыўшыларда еркин пикирлеў қәбилетиниң төменлеўи болып есапланады. Таяр жуўапларға сүйениў нәтийжесинде излениў, талқылаў ҳәм логикалық жуўмақ шығарыў көнликпелери төменлеўи мүмкин. Сондай-ақ, жасалма интеллект тәрепинен жаратылған материалларды қадағалаўсыз қолланыў плагиат жағдайларының көбейиўине алып келеди. Ҳәр бир информацияның дурыслығы кепилленбегени болса оқыўшыда надурыс билим қәлиплесиўине себеп болыўы итималдан шетте емес.
Және бир әҳмийетли мәселе – нусқа көшириў ҳәм плагиат. Жасалма интеллект тәрепинен таярланған текстлерди тексериўсиз қабыл етиў билимди баҳалаўда әдалатсызлыққа алып келиўи мүмкин. Буннан тысқары, ҳәр қандай жасалма интеллект системасы да усынып атырған мағлыўматтың дурыслығына толық кепиллик бермейди. Надурыс яки ескирген информация оқыўшыны алжастырыў итималы бар. Ең тийкарғысы, жасалма интеллектти муғаллимниӊ орнын басатуғын қурал сыпатында қабыл етиў қәте көзқарас болып есапланады. Билимлендириў процесинде тәрбия, инсаныйлық мүнәсибет, хошаметлеў ҳәм жеке үлги сыяқлы факторларды ҳеш бир технология толық алмастыра алмайды.
Қәнигелердиң пикиринше, жасалма интеллектти билимлендириўден шеклеў емес, ал оны ақылға уғрас басқарыў ҳәм дурыс бағдарлаў әҳмийетли. Муғаллим бул процессте қадағалаўшы ҳәм бағдарлаўшы болып қалыўы, оқыўшыға болса жасалма интеллекттен қалай пайдаланыў кереклигин үйретиўи зәрүр.
Соңғы жыллары дүньяның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери жасалма интеллекттен пайдаланыў мәселесинде қадаған етиў жолын емес, ал тәртипке салыў жолын таңламақта. Таллаўларға бола, абырайлы университетлердиң дерлик 60-70 проценти жасалма интеллекттен белгили шәртлер тийкарында пайдаланыўға руқсат берген. Мәселен, Гарвард университети ҳәм Массачусетс технология институтында жасалма интеллекттен түсиниўге жәрдемлесиў, идея ислеп шығыў ҳәм дәслепки таллаў ушын пайдаланыўға руқсат бериледи, бирақ жуўмақлаўшы тапсырманы толық жасалма интеллект арқалы орынлаў қадаған етиледи. Оксфорд университети ҳәм Кембридж университетинде болса ашықлық принципи қолланылады, яғный студент жасалма интеллекттен пайдаланған болса, оны жумыста айрықша көрсетиўи шәрт.
Азия регионында Сингапур миллий университети сыяқлы жоқары билимлендириў мәкемелеринде де жасалма интеллект билимлендириў процесин қоллап-қуўатлаўшы қурал сыпатында қабыл етилген. Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемелеринде жасалма интеллекттен пайдаланыў ушын анық процентлик шеклеўди белгилейтуғын бирден-бир нызам ямаса улыўма норма еле ислеп шығылмаған. Бирақ ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемеси өзиниң ишки қағыйдалары тийкарында жасалма интеллекттен жәрдемши қурал сыпатында пайдаланыўды хошаметлейди, плагиат болса қатаң қадаған етиледи. Мәмлекетлик сиясат жасалма интеллектти билимлендириў системасына кеңнен енгизиўди қоллап-қуўатлайды, бирақ процентлик шеклеў әмелияты жоқ. Жасалма интеллект жәрдеминде таярланған жумыслар талланыўы, додаланыўы ҳәм еркин пикир менен байытылыўы талап етиледи. Тек сонда ғана бул технология ҳақыйқый пайда келтиреди.
Жуўмақлап айтқанда, жасалма интеллект билимлендириўде ҳеш қандай жәрдемши де, ҳеш қандай қәўип те емес. Ол – қурал. Ол қандай нәтийже бериўин болса оннан қалай пайдаланыўымыз белгилейди. Жасалма интеллект муғаллимди алмастырмайды, бирақ оннан нәтийжели пайдаланған педагогтың имканиятларын кеңейтеди. Демек, келешек билимлендириўи технология ҳәм инсан факторының үнлеслигинде қәлиплеседи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги