«Арал»дың еки тәрбияланыўшысы Азия кубогинде қатнасады
30

Кеше Саудия Арабстанында футбол бойынша U-23 Азия кубогине старт берилди.
Бүгин Өзбекстан Олимпия сайланды командасы өзиниң турнирдеги дәслепки ушырасыўын Ливан сайланды командасына қарсы өткереди. Командамыздың бас тренери Равшан Ҳайдаров бул жарысқа мәмлекетимиздиң ең күшли 23 футболшысын алып барды ҳәм қуўанышлы тәрепи сонда сайланды команда қурамында қарақалпақстанлы Муҳаммедалий Реймов ҳәм Самандар Муратбаевлар да орын алған.
Ливанға қарсы ойын мәмлекетимиз ўақты менен бүгин саат 19:00 де басланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы