Дизимге алыўды дурыс шөлкемлестириў мәселелерине әҳмийет қаратылды

66

Алдын хабар берилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-сентябрьдеги арнаўлы пәрманына муўапық халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўға таярлық жумыслары қызғын даўам етпекте.

Шоманай районында да халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў бойынша гезектеги әмелий оқыў семинары шөлкемлестирилди

Онда, район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Бекбергенов, Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасының бас қәнигеси Г.Смайлова, мәҳәлле жетилиги ағзалары, банк хызметкерлери, мектеплердеги психологлар ҳәм патронаж хызметкерлер қатнасты.

Семинарда республикамыздың қала ҳәм районларында халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў процесслеринде мәлимлеме системаларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелери додаланып, халықты дизимге алыў процесслерин дурыс шөлкемлестириў, мәлимлеме системаларынан пайдаланыў тәртиби, мағлыўматлардың анықлығын ҳәм исенимлилигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, илаж даўамында дизимге алыў басқышлары, сораўнамалар менен ислесиў тәртиби ҳәм электрон система арқалы мағлыўмат киргизиў процеси бойынша толық түсиниклер берилди.

Қатнасыўшыларға респондентлер менен пикирлесиў, сораўнамаларды толтырыўда итибарлы болыўы керек болған тәреплер ҳәм халыққа дурыс мағлыўмат жеткериў бойынша әмелий көрсетпелер берилди.

Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги