10 күннен кейин халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў басланады
24

Дизимге алыў процеси 2 басқышта шөлкемлестириледи:
1-басқышта 15-31-январь күнлери census.stat.uz сайты арқалы OneID системасы жәрдеминде онлайн дизимнен өтиў имканияты жаратылады.
2-басқышта 4-28-февраль күнлери “Мәҳәлле жетилиги” ағзалары үйме-үй жүрип, планшет арқалы дизимге алыў процесслерин шөлкемлестиреди.
Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў тек ғана “Мәҳәлле жетилиги” ағзалары тәрепинен өткериледи. Онда пуқаралардан ҳеш қандай СМС-код ямаса пул қаржылары соралмайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги