БМШ Қәўипсизлик Кеңеси Венесуэла бойынша мәжилис өткереди

24

БМШ Қәўипсизлик кеңеси дүйшемби күни АҚШтың Венесуэлаға қарсы операциясы бойынша мәжилис өткереди, деп мәлим етти шөлкем рәсмийлери.

Еслетип өтемиз, шемби күни Қурама Штатлар Венесуэлаға қарсы операция өткерди ҳәм президент Николас Мадуро ҳәм оның зайыбын Каракасда қолға алды.

Мадуро ҳәм оның зайыбы Силия Флореске наркотерроризмди әмелге асырыў, Қурама Штатларға қарсы автоматлар ҳәм жарылыўшы үскенелерди сақлаў сыяқлы бир қанша айыплаўлар қойылмақта.

3-январь күни Флорида штатындағы Мар-а-Лаго резиденциясында Венесуэла келешеги ҳаққында шығып сөйлеген Трамп өтиў дәўири жуўмақланғанша Қурама Штатлар мәмлекетти басқаратуғынын айтты.

Г.Сатторова, ӨзА