Жәҳән кубоги ҳәм Гран-при: Қылышпазлар жеңимпазлық ушын гүреске кириседи

25

Қылышласыў спорты бойынша Өзбекстан сайланды командасы 2026-жылдың 8-январынан баслап халықаралық ареналардағы өзиниң дәслепки жарысына қатнасады.

Атап айтқанда, шпагашыларымыз 8-11-январь күнлери Бирлескен Араб Әмирликлеринде өткерилетуғын жәҳән кубоги, сабляшыларымыз Тунисте болатуғын Гран-При ҳәм рапирашыларымыз Францияда болып өтетуғын жәҳән кубоги басқышы жарысларында жеңимпазлық ушын беллесиўлерге түседи. Спорт жанкүйерлери ушын әҳмийетли тәрепи сонда, Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы шпагашыларымыздан Дилназ Мурзатаева, сабляшылардан Ислам Абдазов, Муса Аймуратов, Алпамыс Орақбаев, Зайнаб Дайыбекова, Гүлистан Пердебаева ҳәм Наргиза Жақсыбаевалар орын алған.

Командамыз ағзалары бул жарысларға қатнасыў ушын 7-январь күни Ташкент қаласынан жөнеп кетеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги