Өзбекстанның Биринши ханымы инклюзив қайырқомлық фестивалына қатнасты

Өзбекстанның Биринши ханымы, “Замин” фонды Қәўендерлик кеңесиниң баслығы Зироат Мирзиёева инклюзив қайырқомлық фестивалының Жаңа жыл илажларында қатнасты.
Фестиваль шеңберинде Халықаралық инклюзив хаб студентлериниң ҳақыйқый турмыслық гүрриңлери тийкарында сахналастырылған “Жақтылық ҳаўазлары” атамасындағы сахналық шығарма көрсетилди. Спектакль джаз атқарыўлары менен үйлесип, мийманларда үлкен тәсир қалдырды. Сондай-ақ, “Жекелесиўде” атамасындағы иммерсив көргизбе қатнасыўшыларына тынышлық ҳәм ишки кеширмелер әлемине кириў имканиятын берди.


Илаж даўамында “Меҳирли мектеп” жойбары педагоглары тәрепинен Жаңа жыл ойыншықлары, қутлықлаў қағазлары ҳәм билезиклер таярлаў бойынша шеберлик сабақлары шөлкемлестирилди. Бул шынығыўлар дөретиўшилик көнликпелерди раўажландырыў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў орталығын беккемлеўге хызмет етти.
“Меҳирли почта” майданшасына келген Биринши ханым узақ ўақыт емленип атырған балаларға шын жүректен ҳәм жыллы тилеклерин жазып қалдырды.








ӨзА