Юсуф бин Солиҳ ал-Қаҳра ал-Утайбийди Өзбекстан Республикасының “Дўстлик” ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң
Пәрманы
Өзбекстан Республикасы ҳәм Саудия Арабстаны Патшалығы арасында көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў, сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды буннан былай да кеңейтиўге қосқан үлкен үлеси, атап айтқанда, елимиз экономикасына инвестицияларды жедел тартыў, көплеген әҳмийетли жөнелислерде биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды табыслы әмелге асырыў, елимиз тәрепинен алға қойылып атырған глобаллық ҳәм регионаллық басламаларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы айрықша хызметлери, сондай-ақ, халықларымыз арасында дослық ҳәм аўызбиршилик байланысларын беккемлеў жолындағы нәтийжели жумысы ушын Саудия Арабстаны Патшалығының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы Елшиси Юсуф бин Солиҳ ал-Қаҳра ал-Утайбий “Дўстлик” ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев.