Өзбекстан Президенти Қазақстанның биринши Президенти менен телефон арқалы сөйлести

7

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз жетекшиси ҳәм Қазақстанның биринши Президенти жақынласып киятырған Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, туўысқан мәмлекетлеримиз халықларына тынышлық, турақлылық ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирди.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары жоқары дәрежеге шыққаны, сондай-ақ, көп қырлы бирге ислесиў барлық тийкарғы тараўларда избе-из раўажланып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

 ӨзА