Аўған халқына бийғәрез жәрдем көрсетилди

10

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына муўапық Аўғанстанға гезектеги гуманитарлық жәрдем жиберилди.

Жигирма жүк автомашинасында жиберилген азық-аўқат өнимлери ҳәм түрли дәри-дәрмақлардан ибарат бийғәрез жәрдем Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкими Улуғбек Қосимов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аўғанстан бойынша Арнаўлы ўәкили Исматулла Иргашев ҳәм басқа да тийисли уйымлардың ўәкиллери қатнасыўында Балх ўәлаятының Ҳайратон қаласына жеткерилди.

БМШ мағлыўматына бола, быйыл қоңсылас мәмлекетте суўық киятырған қыс мәўсиминде 17 миллионнан аслам адам азық-аўқат өнимлери кризисине ушыраған. Олардың төрт миллионнан асламы жас балалар болып есапланады. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Жәҳән азық-аўқат бағдарламасының мағлыўматына бола, Аўғанстан гуманитарлық кризистен шығыўы ушын шама менен 500 миллион доллар қаржы зәрүр. Бирақ, бул қаржы донор мәмлекетлер тәрепинен берилип атырған жоқ.

Дүньяда болып атырған аўыр сиясий жағдайда Аўғанстанға халықаралық жәмийетшилик гуманитарлық жәрдемди қысқартқан. Мине, усындай аўыр шараятта мәмлекетимиз басшысының қоңсылас мәмлекетке айрықша итибар берип атырғаны, алға қойып атырған идеялары тынышлықты сүйиўшиликке, аўған халқының турмыс тәризин жақсылаўға қаратылғаны дүнья жәмийетшилигинде үлкен қызығыўшылық оятпақта. Мәмлекетимиз қоңсы мәмлекетке жылдың өткен дәўиринде жиберген бул ретки бийғәрез жәрдеми де көп миллетли халқымыздың аўған дослар менен дослық байланысларының айқын көриниси болды.

Қонсы еки мәмлекет ўәкиллериниң қатнасыўында Ҳайратон қаласындағы “Астранс” компаниясында өткерилген рәсмий тапсырыў мәресиминде Балх ўәлаятының губернаторы Муҳаммад Юсуф Ҳожи Вафо қыс қатты өтип атырған ўақытта көрсетилген бийғәрез жәрдем аўғанстанлылардың мәўсимдеги қыйыншылықларын жумсартыўға хызмет ететуғыны ҳаққында айтып, бул жәрдем ҳәзирги кризис дәўиринде өзбек халқының өз-ара дослық ҳәм жоқары адамгершилик пазыйлетлерин кеңнен көрсеткенин атап өтти.

– Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа қыс қатты келип, халқымыз қыйналып атырған бир ўақытта бизге көрсетип атырған жәрдеми ушын терең миннетдаршылық билдиремиз, – дейди Балх ўәлаятының губернаторы Муҳаммад Юсуф Ҳожи Вафо. – Дүньяда болып атырған ҳәзирги сиясий процесс ҳәм айырым қоңсы мәмлекетлер менен шегараларымыз жабылған бир ўақытта биз ушын бирден-бир беккем, бәрқулла ашық, дослық қатнасық көрсетип атырған бул – Өзбекстан шегарасы, деп билемиз ҳәм оғада қәдирлеймиз. Өзбекстанның көрсетип атырған жәрдемин ҳеш қашан ядымыздан шығармаймыз, умыта алмаймыз. Биз, Президент Шавкат Мирзиёевтиң Аўған халқын жақсы көретуғынын, тыныш-татыў ҳәм абадан турмыс кешириўин жүдә-жүдә қәлейтуғынын жақсы билемиз. Өзбек халқының көрсетип атырған хызмети ҳәм мийрим-шәпәәтин естен шығара алмаймыз. Быйыл Өзбекстан менен Аўғанстан арасындағы өз-ара саўда байланыслары да жүдә жоқары көрсеткишке еристи. Бул көрсеткишти келеси жылы үш-төрт есеге арттырыўға ҳәрекет етемиз. Аўғанстан тәрепинен Өзбекстанға ҳеш қандай қәўип болмайтуғынына, бир дәрьяның еки жағасындағы халықларымыз ушын өзбек-аўған шегарасы жақсы қоңсышылық, дослық ҳәм туўысқанлық шегарасы болып қалатуғынына исенемиз.

Усы жылдың өткен дәўиринде мәмлекетимиз тәрепинен аўған халқына төрт мәрте гуманитарлық жәрдем жеткерип берилди.

 

Холмўмин Маматрайимов,

ӨзАның хабаршысы