2026-жыл барлық тараўларды раўажландырыўда түпкиликли бурылыс жылы болады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-декабрь күни Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатын усынды.
– Кейинги тоғыз жылда биз сизлер менен, ел-халқымыз бенен биргеликте үлкен раўажланыў жолын басып өттик. Экономикамыз жаңадан қәлиплести, базар қатнасықларын, социаллық қорғаўды кеңейттик, нызам үстинлигин беккемледик. Ең әҳмийетлиси, реформаларымыздың нәтийжесин ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир шаңарақ ҳәм ҳәр бир инсан күнделикли турмысында сезбекте, – деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында.

Қаншелли аўыр болмасын, басланған демократиялық реформалар исенимли даўам еттирилгени, халқымыздың қоллап-қуўатлаўы ҳәм жасларымыздың күш-ғайраты, аўызбиршиликтиң тийкары болған мәҳәллениң турмысымыздағы орны ҳәм тәсири күшейтилгени, адамлардың сана-сезими ҳәм дүньяқарасы өзгерип, ел-журтымыз және де бирлескени, исбилермен, дийқан ҳәм фермерлердиң интакерлиги ҳәм мәртлик мийнети, өз-ара пайдалы бирге ислесиўге тийкарланған дослық сыртқы сиясат есабынан 2025-жылы барлық тараўларда үлкен жетискенликлерге ерисилди.
Быйыл тарийхымызда биринши мәрте жалпы ишки өнимимиз 145 миллиард доллардан асты. Усы жылы экспортымыз 23 процентке артып, 33,4 миллиард долларға жеткерилетуғыны атап өтилди. Ең әҳмийетлиси, алтын-валюта резервлеримиз биринши мәрте 60 миллиард доллардан асты.

Экономикамызға тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 43,1 миллиард долларға жетти. Жәми инвестициялардың жалпы ишки өнимдеги үлеси 31,9 процентти қурамақта. Жетекши халықаралық рейтинг агентликлери мәмлекетимиздиң суверен рейтингин “BB-”дан “BB”дәрежесине көтерди.
Энергетика тараўында түпкиликли бурылыс жасалғаны есабынан электр ислеп шығарыў көлеми 85 миллиард киловатт-саатқа жеткерилди.
Быйыл 188 мәҳәлледеги 715 мың халық жасайтуғын шаңарақларға биринши мәрте таза ишимлик суўы кирип барды, және 2 миллион 300 мыңға шамалас халықтың суў тәмийнаты жақсыланды.

Усы жылы 5 миллион халық дәраматлы болып, жумыссызлық дәрежеси 5,5 проценттен 4,9 процентке түсти. Дерлик 1,5 миллион жәрдемге мүтәж халық кәмбағаллықтан шықты, биринши мәрте 1 мың 435 мәҳәлле “кәмбағаллықтан жырақ” аймаққа айланды.
Кәмбағал шаңарақларға тийисли 168 мың бала мәмлекетлик бақшаларға жеңиллетилген тийкарда қабыл етилди. Усы жылдан баслап 208 бақшаға биринши мәрте инклюзивлик билимлендириў системасы енгизилди.
Елимизде кәмбағаллық дәрежеси жыл басындағы 8,9 проценттен 5,8 процентке түсти.

– Бул жумысларды баслағанымызда халықтың үштен бир бөлеги кәмбағаллық шегарасында жасайтуғын еди. Кредит, субсидия, компенсация сыяқлы 100 ден аслам хызметлер арқалы социаллық қорғаўдың пүткиллей жаңа системасын жолға қойғанымыз ҳәм оларды мәҳәлледеги “жетилик”тиң өзине бергенимиз нәтийжесинде 8,5 миллионнан аслам адам кәмбағаллықтан шықты, жумыссызлық 2 есеге қысқарды.
Нәтийжеде үш жыл алдын кәмбағаллықты 2026-жылдың ақырына шекем 2 есеге қысқартыў бойынша алған мақсетимизге усы жылдың өзинде еристик, – деди Президентимиз.
Талантлы ул-қызларымыз билимлендириў, илим, мәденият, көркем өнер, спорт ҳәм басқа да тараўларда ерисип атырған үлкен табыслары менен де Жаңа Өзбекстанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырғаны атап өтилди.
Кейинги ўақытта елимиз глобаллық мәселелер додаланатуғын халықаралық қарым-қатнас майданына айланып бармақта.

Атап айтқанда, быйыл Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы, ЮНЕСКО Бас конференциясының сессиясы, “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” саммити ҳәм халықаралық Климат форумы бизиң елимизде болып өтти.
Сондай-ақ, Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан жетекшилериниң март айында Хожендте болып өткен ушырасыўында биринши мәрте үш мәмлекет мәмлекетлик шегараларының тутасқан ноқаты ҳаққында тарийхый шәртнамаға қол қойылды ҳәм “Мәңги дослық ҳаққындағы декларация” қабыл етилди.
Регионымыз мәмлекет басшыларының жақында Ташкенттеги Мәсләҳәт ушырасыўы ўақтында интеграция процесслерин жаңа сапа басқышына көтериў ушын Орайлық Азия жәмийетшилигиниң стратегиялық форматын шөлкемлестириў идеясы алға қойылды. Әзербайжанды Орайлық Азия форматына толық ҳуқықлы ағза сыпатында қабыл етиў ҳаққындағы қарар тарийхый әҳмийетке ийе болды.

Президентимиздиң атап өткениндей, бул қәдем Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ арасында стратегиялық байланыслылық ҳәм турақлылықты күшейтиўи сөзсиз.
Октябрь айында Брюсселде Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды. Ноябрь айында болып өткен Орайлық Азия ҳәм АҚШ саммити көп тәреплеме ҳәм узақ мүддетли шерикликти сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етти. Өткен ҳәптеде Токиода Орайлық Азия ҳәм Япония жетекшилериниң ушырасыўында билимлендириў, медицина, санлы технологиялар, инфраструктура ҳәм санаат тараўлары бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилди.
Усы ҳәптениң басында болса Санкт-Петербургта Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы басшылары менен болып өткен ушырасыў да бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеп берди.

– Булардың барлығы халықаралық байланысларымызды мазмуны жағынан жаңа басқышқа алып шықпақта. Биз дүньяның алыс-жақын мәмлекетлери менен Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла менен бирге ислесиў көпирлерин қурыўда даўам етемиз, – деди Президентимиз.
Мәҳәлле ҳәм жақсы қоңсышылық өз-ара үнлес қәдириятлар болып есапланады. Олар жәмийетте социаллық капиталды және де байытыўға шексиз үлес қосады.
Елимизде өткерилген социаллық сораўларда қатнасқанлардың 90 проценти өзин мәҳәлле жәмийетшилигиниң бир бөлеги деп есаплаўы да соннан дерек береди. Мәҳәллеге усы тийкарда Ўатан тәғдирине байланыслылық сезими жоқарылығы бул институт, бәринен бурын, социаллық тилеклеслик дереги екенин көрсетеди.
– Тарийх даўамында қандай аўыр сынақларға дус келсек те, биз бәринен бурын аўызбиршиликтен күш алдық. Машақатлы күнлерде адамларымыз, мәҳәлле халқы ийинлес болып қыйыншылықларды жеңген. Шаңарақ – шаңараққа, қоңсы – қоңсыға жәрдем берип жасаған. Биз мине усындай оғада бийбаҳа қәдириятымызға бәрқулла садық қалыўымыз, жас әўладымызды мине усы руўхта тәрбиялаўымыз керек.

Бүгинги күнде жәмийетимизде ҳәр қыйлы пикир ҳәм көзқараслар болыўы тәбийғый. Бул – демократияның бирлемши талабы.
Бирақ миллети, тили ҳәм динине қарамастан, 38 миллионлық ел-журтымызды бирлестиретуғын уллы бир идея бар. Ол да болса, Ўатан мәпи, халқымыздың мәпи.
Мине, усындай уллы мақсетке ерисиўде мәҳәлле системасының орны ҳәм тәсири шексиз. Себеби мәҳәлле тыныш ҳәм татыў болса, жәмийетимиз тыныш ҳәм аўызбиршиликли болады. Мәҳәлле раўажланса, пүткил елимиз раўажланады, – деди Президентимиз.
Усылардың барлығын есапқа алып, Президентимиз 2026-жылды елимизде “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы,” деп жәриялаўды усыныс етти.
Бул басламаны жыйналғанлар қызғын қоллап-қуўатлады.
Жаңа жыл бағдарламасында елимиздеги 9 мыңнан аслам мәҳәллени, бәринен бурын, мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик, әдиллик ҳәм тәрбия орайына айландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер өз көринисин табады.

– Биз Жаңа Өзбекстанды қурыўда шешиўши басқышқа қәдем қоймақтамыз. Бул жолдағы жумысларымыз ҳәр бир тараў ҳәм тармақта терең трансформацияны талап етеди.
Мақсетимиз анық: жақын жылларда дәраматы орташадан жоқары мәмлекетлер қатарына кириў.
Ферғана ойпатынан Аралбойына шекем, Зарафшан ойпатынан Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрьяға шекем, Ташкенттен Жиззақ ҳәм Сырдәрьяға шекем – елимиздиң қайсы аймағында жасамасын, ҳәр бир пуқарамыз бүгиннен баслап реформалардың нәтийжесин күнделикли турмысында және де көбирек сезиўи керек.
Соның ушын кирип киятырған 2026-жыл мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық системасы, экономика тармақлары, билимлендириў, илим, медицина, мәденият, спорт, экология системасын – барлық тараўларды раўажландырыўда түпкиликли бурылыс жылы болады, – деди Президентимиз.
Мәмлекетимиз басшысы 2026-жылы әмелге асырылатуғын ең әҳмийетли тийкарғы бағдарларға айрықша тоқтап өтти.
Биринши тийкарғы бағдар мәҳәлле инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў, оларға Жаңа Өзбекстан көринисин алып кириўден ибарат.
Мәҳәлле инфраструктурасын түп-тийкарынан жақсылаў арқалы мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, оның келбетин және де гөззал ҳәм абат етиў жумыслары даўам еттириледи.
Келеси жылдан мәҳәллени раўажландырыў бойынша комплексли қатнас енгизиледи. Урбанизация ҳәм қалаларды турақлы раўажландырыў бойынша жаңа реформалар басланады.
Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша сиясат даўам еттирилип, 2026-жылы тийкарғы салық ставкалары өзгериссиз қалдырылады, исбилерменлик инфраструктурасы жойбарларына 10 триллион сумнан аслам қаржы ажыратылады. Киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў ушын 140 триллион сум ресурс бериледи. Соннан 43 триллион сумы ҳаял-қызлар ҳәм жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўға қаратылады.
Екинши тийкарғы бағдар – экономиканы технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў.
Буннан былай ҳәр бир доллар инвестиция, бәринен бурын, алдынғы технологиялар трансфери, сырт елде базары анық, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўға, энергия, суў, жер ҳәм басқа да тәбийғый ресурслардан пайдаланыўда нәтийжелиликти арттырыўға, жергиликли жумысшыларды жаңа технологиялар менен ислеўге оқытыў ҳәм мийнет өнимдарлығын арттырыўға хызмет етиўи керек екенлиги атап өтилди.
Жаңа технологиялық басқышқа өтиў ҳәм қосымша қун шынжырын кеңейтиў бойынша санаатты раўажландырыў бағдарламасы басланады. 2026-жылы 52 миллиард долларлық 782 жаңа санаат ҳәм инфраструктура жойбарына старт бериледи. Келеси жылдың өзинде 14 миллиард долларлық 228 жаңа ири қуўатлықлар иске қосылады.
Келеси жылы экономикада 6,6 процент өсиўди тәмийинлеп, жалпы ишки өнимди 167 миллиард долларға жеткериў прогноз етилмекте.
Инновация тийкарында жоқары технологиялық өним ислеп шығарып атырған кәрханалар хошаметленеди. Кәрхана қәнигелериниң илимий-изертлеў ҳәм конструкторлық қолланбалардан алған дәраматы салықтан азат етиледи.
Келеси жылы Ташкент қаласы, Бухара, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятында 4 дата-орай, 2 супер компьютер ҳәм 15 жоқары оқыў орнында жасалма интеллект лабораториясының жумысы жолға қойылады. Бул медицина, транспорт, аўыл хожалығы, геология, банк-қаржы, жәмийетлик қәўипсизлик сыяқлы әҳмийетли тараўларда 100 ден аслам жасалма интеллект жойбарларын әмелге асырыўға хызмет етеди.
– Бүгин сизлерге және бир әҳмийетли жаңалықты айтпақшыман. Ғәрезсиз Өзбекстан тарийхында биринши мәрте космос тараўында жасалма жолдас ҳәм мәмлекетимиз пуқарасы болған биринши өзбек космонавтын космосқа ушырыў бойынша жумысларды басладық, – деди Президентимиз.
Мәмлекетимиз басшысы үшинши тийкарғы бағдар – ишки базарда талапты хошаметлеў мәселесине тоқтап өтти.
Тоғыз жылда қолайлы бизнес орталығы жаратылып, товар ҳәм хызметлердиң көлеми ҳәм түри көбейтилгени, кем дәраматлы шаңарақлар ушын жылына кеминде 1 миллиард доллар арзан кредит берилип атырғаны, инфляция дәрежеси “бир ханалы” санға түсирилгени нәтийжесинде халықтың сатып алыў қәбилети 2 есеге өсти.
Халықтың талабынан келип шығып, экономикада ең үлкен талап жарататуғын турақ жай ипотекасына 2026-жылы 23 триллион сум ресурс ажыратылады. Турақ жай сатып алыўда басланғыш төлем ҳәм процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаў ушын 2 триллион 700 миллиард сум субсидия бериледи. Сондай-ақ, бир квартира ушын ажыратылатуғын жеңиллетилген ипотека кредитиниң муғдары 15 процентке арттырылады.
Хызметлерге болған талапты хошаметлеў ушын 2026-жылы тараўға 85 триллион сум кредит, 9 триллион сум субсидия ажыратылады. Атап айтқанда, билимлендириў хызметлери ушын бюджеттен 7 триллион сум бериледи.
Кейинги бес жылда сырт елли туристлердиң санын 2 есеге арттырыў, туризм хызметлериниң көлемин болса 20 миллиард долларға жеткериў бойынша үлкен шек қойылмақта. Усы мақсетте туризм инфраструктурасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылады.
Туристлер ағымының барған сайын артып атырғаны авиация ҳәм темир жолда жолаўшы тасыў қуўатлылығын 2 есеге көбейтиўди талап етпекте. Сол себепли, 2026-жылы авиапарктеги ҳаўа кемелериниң саны 120 ға жеткериледи.
Ишки темир жолларды раўажландырыў бойынша бес жыллық бағдарлама қабыл етиледи. Қалаларды тезжүрер поездлардың қатнаўы менен байланыстырыў ушын 2026-жылдан және 500 километр темир жол қурылысы басланады. Автомобиль жолларының сапасын жақсылаў, транзит потенциалын және де арттырыў мақсетинде бес жыллық бағдарлама әмелге асырылады.
Кәсиплерди раўажландырыў ҳәм жаңа мийнет базары архитектурасын жаратыў келеси жыл ушын бағдарламаның төртинши тийкарғы бағдары болып есапланады.
Ҳәзирги ўақытта жаңа технологиялар, санластырыў ҳәм жасалма интеллект тәсиринде дүньяда жумыс орынларының саны, түри ҳәм мазмуны кескин өзгермекте. Жақын бес жылда бар кәсиплердиң 30 проценти толық автоматластырылады, 50 проценти бойынша болса жаңа маманлықлар талап етиледи.
– Енди мәмлекетимиз мийнет базары пүткиллей жаңа архитектура тийкарында – кәсип, маманлық, технология ҳәм билимлендириўди бирлестиретуғын бирден-бир механизм сыпатында ислеўи зәрүр, – деди Президентимиз.
2026-жылдан баслап ҳәр жылы кеминде 100 ден техникум толық оңланып, технологиялық ҳәм талап жоқары болған кәсиплерге сәйкес ҳалда үскенеленип барылады. Германия, Швейцария, Уллы Британия, Қытай, Корея сыяқлы мәмлекетлердиң алдынғы билимлендириў бағдарламалары енгизилген техникумлардың саны 100 ге жеткериледи.
2026-жылы 7 ўәлаятта, 2027-жылы болса қалған аймақларда Алдынғы кәсиплик шеберлик техникумы ҳәм “Кәсиплер қалашасы”ның жумысы жолға қойылады.
Медицина системасында да кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў ушын Англияның “Pearson” компаниясы менен ҳәр бир аймақтағы биреўден техникумда халықаралық стандарт тийкарында мийирбийкелер таярлаў басланды. Енди мине усы техникумларға Германия, Швейцария, АҚШ, Япония сыяқлы мәмлекетлердиң билимлендириў бағдарламалары да енгизиледи.
Усы тийкарда халықаралық талапларға жуўап беретуғын, шет тиллерди билетуғын мийирбийкелер қурамы қәлиплестириледи.
Бесинши тийкарғы бағдар – экологиялық теңсалмақлылықты тәмийинлеў, “жасыл” энергетика ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў.
Ири кәрханаларға фильтр, тазалаў қурылмасы ҳәм ҳаўаға шығарылатуғын зыянлы затларды мониторинг етиў станциясын орнатыў ушын 100 миллион долларлық кредит линиясы ашылады.
Қалалардағы тығылыслар тек ғана адамлардың турмысын қыйынластырып қоймастан, ал экологияға да үлкен зыян келтирип атырғаны атап өтилди. Сонлықтан, дүнья тәжирийбесинен келип шығып, автомобильлер шығарып атырған зыянлы элементлердиң дәрежесине қарап экологиялық стикерлер бериў системасы енгизиледи.
Үлкен муғдарда зыянлы элементлер шығаратуғын автомашиналардың пайтахт ҳәм ўәлаят орайлары және қалаларға кириўи шекленеди. Бундай транспорт қуралларын жаңасына алмастырыў ямаса оларға фильтр орнатыў ушын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары көриледи.
Ески машинасын алмастыраман дегенлерге автокредит процентиниң бир бөлеги қаплап бериледи. Фильтр орнатып, зыянды азайтыўға таяр болған айдаўшылар ушын қәрежетлериниң бир бөлеги бойынша субсидия ажыратылады.
Пайтахтымыз ҳәм ири қалаларда жәмийетлик транспортты раўажландырыў тийкарғы ўазыйпа болады.
Экологиялық автомобильлерди көбейтиў бойынша бес жыллық бағдарлама әмелге асырылады. Онда жергиликли электромобильлерге 12 процентлик, сырт ел электромобильлерине болса 16 процентлик автокредитлер ажыратылады.
Электромобильлерди қуўатлаў станцияларын шөлкемлестириў ушын исбилерменлерге 10 процентлик жеңиллетилген кредитлер бериледи, жерлерди аукционнан 2 есе арзан баҳада сатып алыў имканияты жаратылады.
Электромобильлерди қуўатлаў станцияларында автомобильлерди зарядлаўда 1 киловатт-саат электр энергиясы баҳасының 300 сумнан асқан бөлеги мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериледи. Электромобильде такси хызметин көрсететуғын пуқараларға да бир қатар жеңилликлер бериледи.
Шаң-тозаңлардың алдын алыў ушын Сурхандәрьяда 10 мың гектарда “жасыл мәкан” ҳәм Сырдәрьяда 84 километрлик “жасыл дийўал” қурылады. Қарақалпақстан, Хорезм, Бухара ҳәм Наўайыда жәми 250 мың гектар, соның ишинде, Аралдың қурыған ултанында 115 мың гектар жерде терек ҳәм путалар егиледи. Ҳәр бир аймақта ботаника ҳәм дендрология бағлары және 20 данадан сая-салқын сейил етиў көшелери қурылады.
Улыўма, экология тараўына 2026-жылы 1 триллион 900 миллиард сум қаратылады.
Суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў илажларына 2026-жылы жәми 3 триллион 300 миллиард сум қаратылады.
Сондай-ақ, 1 мың 300 километр ири магистраль каналлар бетон менен қапланады. Бул қосымша түрде жылына 500 миллион куб метр суўды үнемлеў имканиятын береди. Буннан тысқары, орынлардағы ашық дренаж ҳәм коллекторларды жабық системаға өткериў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етиледи. Каналларды жабық системаға өткериў бойынша да үлкен жойбарлар басланады.
160 миллион долларлық үлкен бағдарлама шеңберинде Ташкент қаласында 150 километр жабық дренаж системасы қурылады, 197 километр канал ҳәм коллекторлар оңланады, 63 километр жаңа каналлар қурылып, қалада салқын микроклимат жаратылады.
Алтыншы тийкарғы бағдар – заманагөй мәмлекетлик басқарыў ҳәм әдил суд-ҳуқық системасы бағдарындағы реформалар даўам еттириледи.
Бәринен бурын, 2026-жылдан баслап Электрон ҳүкимет платформасы түп-тийкарынан жаңаланады.
Енди барлық мәмлекетлик уйымлардың 1 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлери, 5 мыңнан аслам функция ҳәм ўазыйпалары, 240 мағлыўматлар базасы ҳәм мәлимлеме системасы, 100 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметкердиң мәҳәлле, район, ўәлаят, республика дәрежесиндеги ўәкилликлери Бирден-бир санлы платформаға интеграцияланады.
– Ең әҳмийетлиси, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде инсан факторысыз, коррупция ҳәм артықша бюрократиядан жырақ экосистема жаратамыз. Мәмлекетлик хызметлерди проактив ҳәм жыйналған түрде көрсетиў системасын раўажландырамыз,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Буннан былай мәмлекетлик сатып алыўларда товар, жумыс ҳәм хызметлерди тиккелей сатып алыў мүмкин болған жағдайлар тек ғана нызам менен белгиленеди.
Конституциялық реформалар шеңберинде ўәлаят ҳәкимлери ҳәм жергиликли кеңеслердиң баслықлары лаўазымлары бир-биринен ажыратылған еди. Енди бул система 2026-жылдан 208 район ҳәм қалада да жолға қойылады.
Мәмлекетимиз басшысы реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеўде пуқаралық жәмийети институтларының роли әҳмийетли екенин атап өтти. Сол себепли, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша сиясат келешекте де избе-из даўам еттириледи. Атап айтқанда, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бағдарында бес жыллық стратегия ислеп шығылады.
– Тәкирарлап айтаман, елимиздеги кең көлемли жаңаланыўлар дәўиринде ашық-айдынлық сиясатынан ҳеш қашан артқа қайтпаймыз. Сөз ҳәм баспасөз еркинлигин тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады,- деди Президентимиз.
Суд-ҳуқық системасын халыққа жақынластырыўға қаратылған жумыслар избе-из даўам еттириледи.
Әдил судлаўды әмелге асырыўда жәмийетшиликтиң қатнасыўы ҳәм роли арттырып барылатуғыны атап өтилди. Енди жынаят процесине инглис ҳуқықындағы мәмлекетлерде унамлы нәтийже берген “Халық ўәкиллери коллегиясы” институты басқышпа-басқыш енгизиледи.
Наркожынаятларға қарсы гүресиў улыўма миллий ҳәрекетке айландырылып, жәмийетте бул иллетке маўасасыз орталық жаратылады.
Ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған зорлықтың алдын алыўда барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм кең жәмийетшиликти мобилизация еткен ҳалда бундай унамсыз жағдайларды сапластырыў бойынша нәтийжели ислейтуғын система жаратыў тапсырылды.
– Коррупция – мәмлекеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын, әдиллик ҳәм нызам үстинлигин изден шығаратуғын, жәмийетте исеним орталығын төменлететуғын ең әҳмийетли қәўип. Коррупцияға жол қойыў болса реформаларымызға қыянет!
Бул иллетке қарсы гүресиў бойынша 2026-жылы “айрықша жағдай” жәриялаймыз,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Барлық уйымларда комплаенс ҳәм коррупцияға қарсы ишки қадағалаўға жуўапкер орынбасар лаўазымы енгизиледи. Есап палатасының ўәкили жумысы жолға қойылады. Мәмлекеттиң ҳәр бир сум қаржысы, ресурсы бойынша жеке жуўапкершилик күшейтиледи.
Дүньяда қурамалы геосиясий ҳәм экономикалық машқалалар барған сайын ҳәўиж алмақта. Бундай қыйын жағдайда барлық мәмлекетлер менен тең ҳуқықлы ҳәм конструктивлик қатнасықларды буннан былай да беккемлеў, турақлы ашық сыртқы сиясат алып барыўға қаратылған жумыс даўам еттириледи. Абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, экономикалық институтлар менен тығыз бирге ислесиў жаңа басқышқа алып шығылады.
– Ерисилген үлкен нәтийжелер, жаңа тийкарғы ўазыйпалар “Өзбекстан – 2030” стратегиясын қайта көрип шығыўды талап етпекте.
Елимиздиң келеси бес жыллық раўажланыўына байланыслы болған бул ҳүжжет кең жәмийетшиликтиң додалаўынан өткерилип, халықтың пикир-усыныслары тийкарында жетилистириледи, – деди Президентимиз.
Келеси жылы социаллық-мәдений турмысымыздағы әҳмийетли сәнелер кеңнен белгилениўи атап өтилди. Соның ишинде, Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң даңқлы 35 жыллығы үлкен байрам сыпатында өткериледи. Саҳыпқыран Әмир Темур, Мир Әлийшер Наўайы бабаларымыздың қутлы туўылған күнлерине таярлықты ҳәзирден баслаў керек екенлиги атап өтилди.
– Бүгин тарийхтың өзи, турмыстың өзи бизге үлкен бир жуўапкершиликти жүклемекте. Жанажан Ўатанымыз бүгин жаңаша сиясий-ҳуқықый, социаллық, руўхый қатнасықлар тийкарында жасап, мийнет етип атырған, еркин пикирлейтуғын, азат ҳәм азат инсанлардың үлкесине айланбақта.
Бир болсақ, бирден-бир халық, бирден-бир миллет болып ҳәрекет етсек, гөзлеген үлкен мақсетлеримизге әлбетте жетемиз! Мен бул жолда мәрт ҳәм уллы мәртебели халқымызға исенемен! Өзбекстанның шексиз күши ҳәм имканиятларына, әзиз жасларымыздың күш-ғайратына исенемен! – деди Президентимиз Мүрәжатының жуўмағында.
ӨзА