«Президент саўғалары» балалардың кеўлине қуўаныш бағышлады
7

Жаңа жыл байрамы алдынан Нөкис районы балаларына да “Президент саўғалары” жетип келди. Бул саўғалар балалар ушын тек ғана саўға емес, ал, меҳир-итибар ҳәм пәк қуўаныш тымсалы болып, районы ҳәкими З.Зайтов ҳәм район белсендилери қатнасыўында балаларға салтанатлы түрде тапсырылды. Илаж даўамында жас әўладтың камалға келиўи ҳәм олардың айдын келешеги жолында жаратылып атырған шараятлар айрықша атап өтилди.



Журтбасшымыз тәрепинен жас әўладларға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлық балалардың қәлбинде Ўатанға муҳаббат ҳәм келешекке болған исенимди және де беккемлейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги