Балалар Президент саўғаларын алып қуўанышқа бөленди

Қарақалпақстан медицина институты клиникасында балаларға қуўаныш бағышлаған, меҳир ҳәм итибарға байрам илажы болып өтти. Онда клиникада емленип атырған ҳәм “Меҳрли мектеп” те билим алып атырған балаларға Президент саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Мәденият министри Б.Темирбаев, институт ректоры О.Халимов, сондай-ақ, Социаллық қорғаў агентлигиниң хызметкерлери қатнасты. Мийманлар балаларды кирип киятырған жаңа жыл менен қызғын қутлықлап, ҳәр бир бала мәмлекетимиз басшысының турақлы итибары ҳәм ғамқорлығында екенин айрықша атап өтти.
Көпшиликке мәлим болғанындай, Қарақалпақстан медицина институты клиникасында “Замин” фондының басламасы менен шөлкемлестирилген “Меҳрли мектеп” филиалы нәтийжели жумыс алып бармақта. Бул жерде узақ мүддет емлениўге мүтәж, онкогематологиялық кеселликлер менен гүресип атырған балалар емлениў менен бир ўақытта тәлим-тәрбия алыў имканиятына ийе болып, балалар ушын қолайлы класс ханалары, арнаўлы оқыў шараятлары жаратылған болып, билимлендириў процеси реабилитация менен үнлес ҳалда, ата-аналардың қатнасыўында алып барылады.
Байрам илажы шеңберинде балалар жаңа 2026-жыл ушын арзыў-нийетлерин билдирди. Шырша әтирапында Аяз ата ҳәм Қар қызы, ертек қаҳарманлары ҳәм сахнластырылған заманға сай сахналық көринислердиң қатнасыўындағы қызықлы тамашалар балаларға умытылмас байрам кейпиятын бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги