Президент: Бүгин тарийхтың өзи, турмыстың өзи бизге үлкен бир жуўапкершиликти жүклемекте

12

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжаты болып өтти.

– Бүгин сизлерге, сизлер арқалы пүткил ел-халқымызға мүрәжат етип айтпақшыман.

Бүгин тарийхтың өзи, турмыстың өзи бизге үлкен бир жуўапкершиликти жүклемекте.

Жанажан Ўатанымыз бүгин жаңаша сиясий-ҳуқықый, социаллық, руўхый қатнасықлар тийкарында жасап, мийнет етип атырған, еркин пикирлейтуғын, азат ҳәм еркин инсанлардың үлкесине айланбақта.

Бир болсақ, бирден-бир халық, бирден-бир миллет болып ҳәрекет етсек, гөзлеген үлкен мақсетлеримизге әлбетте жетемиз!

Мен бул жолда мәрт ҳәм уллы мәртебели халқымызға исенемен! Өзбекстанның шексиз күши ҳәм имканиятларына, әзиз жасларымыздың күш-ғайратына исенемен!

Пурсаттан пайдаланып, ел-халық мәпи, Ўатан тәғдирин ойлап, муқаддес жеримиздиң ҳақыйқый перзентлери, пидайы сақшылары болып, өзин аямай, шын кеўилден мийнет етип атырған сиз, әзизлерге, дөретиўши халқымызға шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен, – деди Президентимиз Мүрәжатының жуўмағында.

ӨзА