Ғәрезсиз Өзбекстан пуқарасы болған биринши өзбек космонавтын космосқа ушырыў бойынша жумысларды басладық – Президент

5

– Биз 2030-жылға барып, IТ хызметлериниң экспортын 5 миллиард долларға жеткериў бойынша үлкен шекти мақсет еткенбиз, – деди Президентимиз.

Келеси жылы Ташкент қаласы, Бухара, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятында 4 дата-орай, 2 супер компьютер ҳәм 15 жоқары оқыў орнында жасалма интеллект лабораториясының жумысы жолға қойылады.

Бул медицина, транспорт, аўыл хожалығы, геология, банк-қаржы, жәмийетлик қәўипсизлик сыяқлы әҳмийетли тараўларда 100 ден аслам жасалма интеллект жойбарларын әмелге асырыўға хызмет етеди.

Бүгин мыңлаған қәбилетли жасларымыз IТ ҳәм жасалма интеллект бойынша излениў алып бармақта. Олардың квант, дрон, робототехника сыяқлы бағдарлардағы конструкторлық жойбарларын әмелиятқа енгизиў ушын “Санлы технологиялар орайы” шөлкемлестириледи.

– Бүгин сизлерге және бир әҳмийетли жаңалықты айтпақшыман. Ғәрезсиз Өзбекстан тарийхында биринши мәрте космос тараўында жасалма жолдас ҳәм мәмлекетимиз пуқарасы болған биринши өзбек космонавтын космосқа ушырыў бойынша жумысларды басладық.

Бул Жаңа Өзбекстанның илимий ҳәм технологиялық раўажланыўына, улыўма, миллий раўажланыўымызды жаңа басқышқа алып шығыўға үлкен түртки береди, деп исенемен, – деди Президентимиз.

ӨзА