Инновация тийкарында жоқары технологиялық өним ислеп шығаратуғын кәрханалар хошаметленеди

Аккредитация, метрология ҳәм стандартластырыў тараўларындағы реформалар нәтийжесинде Өзбекстан “Глобал сапа инфраструктурасы” индексинде соңғы еки жылда 15 текше жоқарылап, 52-орынға көтерилди.
– Бул әлбетте жақсы! Соның менен бирге, өнимлеримиздиң бәсекиге шыдамлылығын және де арттырыў ушын техникалық тәртипке салыў тараўын жаңа басқышқа алып шығамыз. Буның ушын “Мәмлекетлик қадағалаў” системасынан халықаралық тәжирийбеде жоқары нәтийже берген “Базар қадағалаўы” системасына өтемиз, – деди Президентимиз.
Инновация тийкарында жоқары технологиялық өним ислеп шығарып атырған кәрханалар қоллап-қуўатланады. Кәрхана қәнигелериниң илимий-изертлеў ҳәм конструкторлық қолланбалардан алған дәраматы салықтан азат етиледи.
Мине, усындай реформалар арқалы келеси бес жылда санаатта мийнет өнимдарлығы 30 мың долларға жеткериледи, 1 мың долларлық қосымша қун жаратыўға кететуғын энергия жумсалыўы 1,5 есеге азайтылады.
ӨзА