Еркин экономикалық зоналарға дүньяның белгили брендлери тартылады

Бул зоналардағы кәрханалар халықаралық техникалық регламентлер, экологиялық ҳәм мийнет стандартларын қолланыўы мүмкин болады.
Олар ушын арнаўлы инвестициялық, салық, бажыхана ҳәм ҳуқықый режим енгизиледи ҳәм халықаралық ҳуқық шеңберинде арбитраж келиспеўшиликлерин көрип шығыў имканияты жаратылады.
Президентимиздиң атап өткениндей, булардың барлығы келеси бес жылда 180 миллиард долларлық сырт ел инвестициясы есабынан 1 миллион жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.
Ҳәр бир келисимди жойбарға айландырыў, инвестицияларды қысқа мүддетлерде тартыў ҳәм олардың нәтийжелилигине жуўапкер, тек ғана инвестиция менен ислейтуғын айрықша жаңа система жаратылатуғыны белгиленди. Буннан тысқары, жергиликли санаат ҳәм кооперацияны раўажландырыў бойынша да тап усындай өз алдына системаны жолға қойыў мақсетке муўапық екени атап өтилди.
– Улыўма, экономиканы бәсекиге шыдамлы етиў, инвестициялардың нәтийжелилигин арттырыў, санаат тармақларын технологиялық трансформациялаў пүткиллей жаңа қатнасларды талап етпекте. Оның ушын Экономика ҳәм қаржы, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрликлериниң жумысы түп-тийкарынан қайта көрип шығылады, – деди Президент.
ӨзА