Президент: мектеп китапханалары ҳәр жылы 10 миллион дана көркем әдебиятлар менен тәмийинленип барылады

24

2026-жылы “мәҳәлледе санаат ҳәм хызмет” жойбары арқалы 10 мыңнан аслам өндирис ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларын иске қосыў ушын 5 триллион сум кредит бериледи.

Бул мәмлекетимиз басшысының Мүрәжатында өз сәўлелениўин тапқан.

Кредит процентиниң миллий валютада 10 процентке шекем, сырт ел валютасында 4 процентке шекемги бөлеги Исбилерменлик компаниясынан қаплап бериледи. Нәтийжеде мәҳәллелерде 100 мың жаңа жумыс орны жаратылады.

Ҳәр бир мәҳәлледе 40 тан микрожойбарды әмелге асырып, 360 мың халықты жумыс пенен тәмийинлеў ушын мәҳәлле банкирлери ҳәм ҳәким жәрдемшилерине 2026-жылы және 7,5 триллион сум ресурс ажыратылады.

Жаңа жылда мәҳәллелердеги халықты, атап айтқанда, ҳаял-қызларды спортқа кеңнен тартыў, оның ушын зәрүр инфраструктураны жаратыў бойынша үш жыллық бағдарлама қабыл етилип, оған 1 триллион сум қаратылады.

Мәҳәлле жасларының китапқумарлыққа болған қызығыўшылығын және де арттырыў мақсетинде мектеп китапханалары ҳәр жылы 10 миллион дана көркем әдебиятлар менен тәмийинленип барылады.

ӨзА