2030-жылға шекем шараяты аўыр барлық районлардағы мәҳәллелерге Жаңа Өзбекстан келбети алып келинеди

8

Келеси жылдан мәҳәллени раўажландырыў бойынша комплексли қатнас енгизиледи.

Ҳәр бир ўәлаятта 2-3 районды таңлап, ҳәмме мәҳәллесиндеги барлық машқалаларды бир ўақыттың өзинде шешетуғын система жаратылады. Оларда бир ўақыттың өзинде исбилерменлик инфраструктурасы да раўажландырылады.

Президентимиз Мүрәжатында усы мәселеге тоқтап өтип, бул мақсетлер ушын барлық дереклер есабынан 8,5 триллион сум қаржы ажыратылатуғынын атап өтти.

Депутатларға өз округиндеги машқалаларды шешиў ушын 500 миллиард сум берилмекте. Бул бағдарда “жасыл аймақ,” “жасыл бағ” жаратыў бойынша ҳәр бир депутаттың басламасына қосымша 330 миллион сумнан қаратылатуғыны белгиленди.

Бундай қатнас арқалы 2030-жылға шекем шараяты аўыр барлық районлардағы мәҳәллелерге Жаңа Өзбекстанның келбетин алып кириў атап өтилди.

ӨзА