Шавкат Мирзиёев: мақсетимиз анық, жақын жылларда дәраматы орташадан жоқары мәмлекетлер қатарына кириў

24

Мәмлекетимиз басшысы Мүрәжатында жаңа жылдың атамасында белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын айрықша мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилетуғынын атап өтти.

Бул бағдарламада елимиздеги 9 мыңнан аслам мәҳәллени, бәринен бурын, мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик, әдиллик ҳәм тәрбия орайына айландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер өз сәўлелениўин табады.

– Биз Жаңа Өзбекстанды қурыўда шешиўши басқышқа қәдем қоймақтамыз. Бул жолдағы жумысларымыз ҳәр бир тараў ҳәм тармақта терең трансформацияны талап етеди. Мақсетимиз анық: жақын жылларда дәраматы орташадан жоқары мәмлекетлер қатарына кириў.

Ферғана ойпатынан Аралбойына шекем, Зарафшан ойпатынан Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрьяға шекем, Ташкенттен Жиззақ ҳәм Сырдәрьяға шекем – елимиздиң қайсы аймағында жасамасын, ҳәр бир пуқарамыз бүгиннен баслап реформалардың нәтийжесин күнделикли турмысында және де көбирек сезиўи керек.

Соның ушын, кирип киятырған 2026-жыл мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық системасы, экономика тармақлары, билимлендириў, илим, медицина, мәденият, спорт, экология системасын – барлық тараўларды раўажландырыўда түпкиликли бурылыс жылы болады, – деди Президент.

ӨзА