Келеси жылы әмелге асырылатуғын ең әҳмийетли тийкарғы бағдарларға айрықша тоқтап өтти
17

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжаты даўам етпекте.
Биринши тийкарғы бағдар мәҳәлле инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў, оларға Жаңа Өзбекстан көринисин алып кириўден ибарат.
-Ел абаданлығы, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады. Әйне мәҳәлледеги жол, суў, электр ҳәм транспорт тәмийнаты, бақша, мектеп ҳәм шаңарақлық поликлиникадағы шараятларға қарап, адамлар реформаларымызға баҳа береди, – деди Президентимиз.
Мәҳәлле инфраструктурасын түп-тийкарынан жақсылаў арқалы мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, оның келбетин және де гөззал ҳәм абат етиў жумыслары даўам еттириледи.
ӨзА