Өзбекстан – халықаралық қарым-қатнас майданына айланып бармақта

Кейинги ўақытта елимиз глобаллық мәселелер додаланатуғын халықаралық қарым-қатнас майданына айланып бармақта. Атап айтқанда, быйыл Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы, ЮНЕСКО Бас конференциясының сессиясы, “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” саммити ҳәм халықаралық Климат форумын өткерди.
Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлис ҳәм халқымызға жоллаған мүрәжатында усы мәселеге итибар қаратты.
Сондай-ақ, Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан жетекшилериниң март айында Хожендте болып өткен ушырасыўында биринши мәрте үш мәмлекет мәмлекетлик шегараларының тутасқан ноқаты ҳаққында тарийхый шәртнамаға қол қойылды ҳәм “Мәңги дослық ҳаққындағы декларация” қабыл етилди.
Регионымыз мәмлекет басшыларының жақында Ташкенттеги Мәсләҳәт ушырасыўы ўақтында интеграция процесслерин жаңа сапа басқышына көтериў ушын Орайлық Азия жәмийешилигиниң стратегиялық форматын шөлкемлестириў идеясы алға қойылды. Әзербайжанды Орайлық Азия форматына толық ҳуқықлы ағза сыпатында қабыллаў ҳаққындағы қарар тарийхый әҳмийетке ийе болды.
Президентимиздиң атап өткениндей, бул қәдем Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ арасында стратегиялық байланыс ҳәм турақлылықты күшейтиўи сөзсиз.
ӨзА