Жәҳән банки жәриялап баратуғын Мәмлекетлердиң технологиялық жетиклик индексинде Өзбекстан 71 текше жоқары көтерилди

Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайы ҳәм статусы, халықаралық рейтинглердеги орны барған сайын беккемленип бармақта.
Атап айтқанда, жетекши халықаралық рейтинг агентликлери мәмлекетимиздиң суверен рейтингин “ББ-“дан “ББ” дәрежесине көтерди.
-Бул гәплер көпшиликке әпиўайы бир факт болып түйилиўи мүмкин. Бирақ, экономистлер, инвестор ҳәм банкирлер гәп қандай үлкен нәтийжелер ҳаққында баратырғанын жүдә жақсы түсинип турыпты.
Әне усы өзгерис себепли сырттан тартылатуғын ресурслардың процент ставкасы 1-1,5 пунктке төменлеп, сыртқы қарыз қәрежети жылына 250-300 миллион долларға азаяды, – деди Президентимиз.
Сондай-ақ, Жәҳән банки жәриялап баратуғын Мәмлекетлердиң технологиялық жетиклик индексинде Өзбекстан 71 текше жоқары көтерилип, дүньяның ТОП-10 мәмлекетиниң қатарынан орын алды.
ӨзА