Президент Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске ҳәм көп миллетли халқымызға Мүрәжаты басланды
18

– Кейинги тоғыз жылда биз сизлер менен, ел-халқымыз бенен биргеликте үлкен раўажланыў жолын басып өттик.
Экономикамыз жаңадан қәлиплести, базар қатнасықларын, социаллық қорғаўды кеңейттик, нызам үстинлигин беккемледик.
Ең әҳмийетлиси, реформаларымыздың нәтийжесин ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир шаңарақ ҳәм ҳәр бир инсан күнделикли турмысында сезбекте.
Бир сөз бенен айтқанда, биз реформаларды анық әмелий нәтийжеге айландырыўды үйрендик.
Буның тастыйығын барған сайын жаңаша көриниске ийе болып атырған қала ҳәм аўылларымызда, заманагөй кәрханалар, саўда-сервис орынлары, мектеп, бақша ҳәм емлеўханалар, абат көше ҳәм мәҳәллелер, транспорт-логистика системасы, санлы хызметлер мысалында айқын көриў мүмкин, -деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында.
ӨзА