Қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Қытайдың “Beijing China Sciences Runyu Environmental Technology” (CSET) компаниясы Кеңеси Баслығы Л.Бо басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, экология ҳәм турақлы раўажланыў тараўында қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, Қытай компаниясы тәрепинен заманагөй технологиялар тийкарында турмыслық шығындыларды қайта ислеў, олардан альтернатив энергия дереклерин алыў бойынша усыныслар билдирилди.



Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қоршаған орталықты қорғаў, шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў ҳәм “жасыл экономика” принциплерин енгизиў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екенин атап өтти. Сондай-ақ, бул тараўда алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў ҳәм инвестицияларды тартыўға үлкен итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў, инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм келешекте әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша келисимге еристи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги