Тоқымашылық санаатында жыл жуўмақлары ҳәм келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар көрип шығылды

11

Президент Шавкат Мирзиёев тоқымашылық санаатында 2025-жыл жуўмақлары ҳәм келеси жыл ушын тийкарғы ўазыйпалар бойынша презентация менен танысты.

Усы жылы тармақта ерисилген нәтийжелер, өндирис ҳәм экспорт көрсеткишлериниң өсиў динамикасы, сондай-ақ, 2026-жылға мөлшерленген мақсетли режелер ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, 2025-жылы тоқымашылық санаатында өндирис көлеми 134 триллион сумды қураған. Сырт ел инвестицияларын өзлестириў 2,1 миллиард долларға жеткен. Экспорт көлеми болса 2,5 миллиард долларды қурап, өткен жылға салыстырғанда өсиў тәмийинленген. Тармақта бәнт халық саны 623 мыңға жеткени, келеси жылы бул көрсеткишти 650 мыңға шекем арттырыў имканияты бар екенлиги атап өтилди.

2026-жылы пахта шийки затын қайта ислеўди және де тереңлестириў ҳәм гезлеме, трикотаж ҳәм таяр өнимлер ислеп шығарыў қуўатлықларынан пайдаланыў дәрежесин арттырыў нәзерде тутылған. Өним ислеп шығарыў көлемин 147 триллион сумға, экспортты болса 3,3 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.

Тармаққа 2,2 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў режелестирилген. Оның есабынан 207 мың тонна синтетикалық, аралас жип, 397 миллион квадрат метр гезлеме, 224 миллион дана тигиў-трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў және 108 миллион квадрат метр гезлеме бояў бойынша қосымша қуўатлықлар қурылады.

Соның менен бирге, тармақтың турақлы раўажланыўына тосқынлық етип атырған айырым факторлар да атап өтилди. Атап айтқанда, пахта талшығына болған талаптың бир бөлеги импорт есабынан қапланып атырғаны, қаржы ресурсларының баҳасының жоқарылығы, сыртқы базарларда логистика қәрежетлериниң артыўы ҳәм айырым бағдарларда маман қәнигелердиң жетиспеўшилиги тараў алдында турған әҳмийетли мәселелер сыпатында көрсетип өтилди.

Бул машқалаларды шешиў мақсетинде 2026-жыл ушын анық илажлар ислеп шығылған. Соның ишинде, кәрханаларға айланыс қаржы ушын 200 миллион доллар муғдарында жеңиллетилген кредит ажыратыў, 138 кәрхананы финанслық саламатландырыў, 100 жаңа кәрхананы экспорт жумысына тартыў режелестирилмекте.

Халықаралық стандарт ҳәм сертификатларды енгизиўге айрықша итибар қаратылады. “Better Work”, “BCI”, “FWF”, “Organic EU” сыяқлы бағдарламалар 60 кәрханада енгизиледи, финанслық есабаттың халықаралық стандартлары 15 кәрханада енгизиледи. Сондай-ақ, таяр өнимлердиң сапасы бойынша 24 түрдеги анализлерди өткеретуғын заманагөй тоқымашылық лабораториясы шөлкемлестириледи.

Тармақта санластырыўды жеделлестириў, ERP системалары ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы өндирис нәтийжелилигин арттырыў нәзерде тутылған. Бул процесске 40 кәрхана тартылады.

Сырт ел бирге ислесиўин кеңейтиў шеңберинде халықаралық сорсинг компаниялары ҳәм ири брендлер менен бирге ислесиўди күшейтиў, маркетинг изертлеўлери ҳәм халықаралық көргизбелерде қатнасыў, сырт ел кәрханаларының релокциясын хошаметлеў бойынша анық режелер белгилеп алынған.

Мәмлекетимиз басшысы усынылған көзқарасларды мақуллап, тармақта таяр өним үлесин избе-из арттырыў, өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў, инвестициялық ҳәм экспорт потенциалын толық иске қосыў бойынша жуўапкер адамлардың алдына анық ўазыйпаларды қойды. Барлық илажлар тармақты турақлы, бәсекиге шыдамлы ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығаратуғын системаға айландырыўға хызмет етиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА