Жаңа жылда өзбекстанлылар неше күн дем алады?
62

Быйылғы Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен өзбекстанлылар тек ғана бир күн дем алыўы мүмкин. Себеби быйыл қосымша ямаса көширилген дем алыс күнлери нәзерде тутылмаған.
Мийнет кодексиниң 187-статьясына муўапық, 31-декабрь – байрамнан алдынғы кеминде 1 саатқа қысқартылған жумыс күни болады.
2026-жыл 1-январь – пийшемби Жаңа жыл байрамы сыпатында дем алыс күни болады.
2-январь – жума болса барлық хызметкерлер ушын әдеттеги жумыс күни есапланады.
3-январь – шемби 5 күнлик жумыс ҳәптесиндегилер ушын әдеттеги дем алыс, 6 күнлик жумыс ҳәптесиндегилер ушын болса әдеттеги жумыс күни болады.
4-январь – екшемби ҳәмме ушын әдеттегидей дем алыс күни.
Қарақалпақстан хабар агентлиги